Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

«Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» деп жәрияланған 2018-жылы елимизде экономика, социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик басқарыўға заманагөй илим жетискенликлерин, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды енгизиў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылды.

Қабыл етилген 2018-жылғы Мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде 21 триллион сум ҳәм 1 миллиард АҚШ долларына тең 76 мың жойбар әмелге асырылды.

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына муўапық 400 ден аслам аўыл ҳәм мәҳәллелерде мүнәсип турмыс шараятларын жақсылаўға қаратылған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына 3 триллион сум қаржы қаратылды.

«Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» ҳәм  «Yoshlar – kelajagimiz» бағдарламалары шеңберинде 2 триллион сумға шамалас қаржы ажыратылып, орынларда 2 600 ден аслам бизнес жойбарлар әмелге асырылды.

Социаллық тараўды раўажландырыў, халықты социаллық жақтан қорғалыўын күшейтиў ҳәм мийнетине ҳақы төлеў системасын буннан былай да жетилистириўге айрықша итибар қаратылды және бул халықтың реал дәраматларын 2017-жылға салыстырғанда 12 процентке арттырыў имканиятын берди.

Жаңа оқыў бағдарларын ашыў ҳәм қабыллаў квоталарын көбейтиўдиң есабынан жоқары билим алыў имканиятлары салмақлы дәрежеде кеңейтилди.

Салық ҳәкимшилигиниң мазмуны жағынан  жаңа тәртиби енгизилгени себепли салықлардың прогноздан артып орынланған бөлеги есабынан жергиликли бюджетлердиң ықтыярында 5,5 триллион сум қаржы қалдырылды. Бул 2017 жылғы көрсеткишлерге салыстырғанда 6 есеге, 2016-жылға салыстырғанда 32 есеге көп.

Буннан тысқары экономикалық раўажланыўды хошаметлеў, исбилерменлик орталығын ҳәм инвестициялық тартымлылықты жақсылаў, халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм бизнес ушын салық жүгин азайтыўға қаратылған Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясы қабыл етилди.

Атап айтқанда, бирден-бир социаллық төлем ставкасының 12 процентке шекем азайтылыўы және юридикалық шахслардың айланысы (түсими)нан мәмлекетлик мақсетли қорларға өндирилетуғын мәжбүрий ажыратпалардың бийкар етилиўи кәрханалар ықтыярында қосымша қаржы қалыўы ушын шараят жаратты.

2018-жыл 18 мәмлекетлераралық сапар етиўлер әмелге асырылды ҳәм 50 миллиард АҚШ долларына тең инвестициялық келисимлерге ерисилди. Бүгинги күнде елимизде сырт ел инвестицияларының есабынан нырқы 23 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы 456 жойбар әмелге асырылмақта.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28-декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжатында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Улыўма нырқы 16,9 триллион сум ҳәм 8,1 миллиард АҚШ долларына тең жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын және төмендегилерге қаратылған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер страгеиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама (ке йинги орынларда – Мәмлекетлик бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын жетилистириў тараўында – парламенттиң әҳмийетли қарарлар қабыл етиў ҳәм нызамлардың орынланыўын қадағалаў жумысын күшейтиў, атқарыўшы ҳәкимият системасын оптималластырыў, административлик реформаларды даўам еттириў, мәмлекетлик басқарыўда заманагөй менеджмент усылларын кеңнен қолланыў, мәмлекетлик хызметлерди раўажландырыў, мәмлекетлик хызметке қәнигели кадрларды тартыўға қаратылған бирден-бир кадрлар сиясатын қәлиплестириў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкиллигин ҳәм жуўапкершилигин қайта көрип шығыў, олардың еркинлигин күшейтиў;

нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў тараўында – суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигине ерисиў, халықтың тынышлығын, қәўипсизлигин  ҳәм нызамшылықты тәмийинлеў, жынаятшылықтың ерте алдын алыў бойынша зәрүр илажлар көриў, жынаят нызамшылығын жетилистириў ҳәм либералластырыў;

экономиканы раўажландырыў ҳәм инвестицияларды тартыў тараўында – макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, саламат бәсеки ушын зәрүр шараятларды жаратыў, исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты түп-тийкарынан жақсылаў, экономикада мәмлекеттиң қатнасын сезилерли түрде азайтыў, жоқары экономикалық өсим пәтлерин сақлап қалыў, «қупыя» экономикаға қарсы гүресиў ҳәм оның үлесин кескин қысқартыў, валюта сиясатын еркинлестириўди даўам еттириў;

социаллық раўажланыў тараўында – халықтың арасында жумыссызлықты азайтыў, адамлардың дәраматларын арттырыў, илим ҳәм үзликсиз билимлендириўди раўажландырыў, медициналық хызметлердиң сапасын жақсылаў ҳәм олар менен халықты қамтып алыўды кеңейтиў, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды социаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиў, адамлардың турмыс шараятларын жақсылаў, оларды мүнәсип турақ жайлар менен тәмийинлеў ҳәм абаданлығын арттырыў, жәмийетте саламат турмыс тәризин беккемлеў, физикалық тәрбия ҳәм спортты буннан былай да ғалаба ен жайдырыў, туризмди раўажландырыў;

қәўипсизлик, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти тәмийинлеў, сондай-ақ, сыртқы сиясат тараўында – елимиздиң қорғаныў қүдиретин арттырыў, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң потенциалын беккемлеў, миллий қорғаныў санааты комплексин қәлиплестириў, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, суў ҳәм басқа да тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, ашық-айдынлық, өз-ара теңлик ҳәм пайдалы бирге ислесиў приницплерине тийкарланған сыртқы сиясат жумысының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў.

  1. Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған илажлар, әсиресе, сырт ел инвестицияларын тартыў, қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў, сондай-ақ, елимиз аймақларының социаллық раўажланыў дәрежесин арттырыў тараўындағы илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў ушын жеке жуўапкер есапланған Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Министрлер Кабинетиниң лаўазымлы шахслары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары 2-қосымшаға муўапық елимиз аймақларына бириктирилсин.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары тәрепинен ҳәр шеректе Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыў барысы ҳаққында есаплар тыңланады, жүзеге келген машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыў бойынша усыныслар киргизиледи, мәмлекетлик бағдарламадағы илажлардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў ушын зәрүр илажлар көриледи.

  1. Ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының басшылары, Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары менен биргеликте инвестициялық жойбарлар әмелге асырылыўының барысын додалаў, инвесторлардың жумысына тосқынлық етип атырған машқалаларды жедел ҳәм нәтийжели шешиўди тәмийинлеў мақсетинде инвесторлар менен жеке ушырасыўларды, соның ишинде, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған халда өткериў әмелияты енгизилсин.
  2. Мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформаларды мәсләҳәт ҳәм экспертлик жақтан тәмийинлеўди әмелге асырыў, сондай-ақ, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмысты реформалаў, экономика ҳәм социаллық тараўды раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери, соның ишинде, елимизде инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша усыныслар ислеп шығыўға қаратылған Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Эксперт кеңеси шөлкемлестирилсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги еки ай мүддетте төмендегилерди тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин:

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Эксперт кеңесиниң қурамы, бунда оның қурамына табысқа ерискен исбилерменлер, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, илимпазлар, соның ишинде, сырт еллердиң пуқаралары ҳәм сырт елдеги ўатанласларды киргизиў нәзерде тутылсын;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Эксперт кеңеси ҳаққындағы реже.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2019-жыл 1-июньге шекем ҳәр бир аймақтың өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда, биринши гезекте, инвестиция тартыў ушын әҳмийетли бағдарларды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасының орта мүддетли перспективадағы инвестициялық сиясаты стратегиясы (кейинги орынларда – Стратегия) ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Сыртқы саўда министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте 2019-жылда Өзбекстан Республикасының сырт еллертийкарғы шериклер менен саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм сиясий, сондай-ақ, қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўин буннан былай да жеделлестириў ҳәм раўажландырыўға қаратылған анық илажлар бойынша усынысларды киргизсин.

Өзбекстан Республикасының сырт еллер – тийкарғы шериклер менен бирге ислесиўин буннан былай да жеделлестириў бойынша усыныс етилетуғын илажлар ҳәм бағдарлар мәмлекетлик бағдарлама ҳәм Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген инвестициялық бағдарламасы менен өз-ара тығыз байланыслы болыўы зәрүрлиги белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының төмендегилерди шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:

а) жәрияланған капиталы  1 миллиард АҚШ доллары  муғдарында болған Өзбекстан Республикасының тиккелей инвестициялар қоры (кейинги орынларда – Қор). Төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

республика экономикасының өндирислик потенциалын кеңейтиўге, сондай-ақ, оның бәсекиге шыдамлылығын буннан былай да арттырыўға тиккелей сырт ел инвестицияларын ҳәм инновациялық технологияларды тартыў;

жеке меншик жергиликли ҳәм сырт ел инвесторлары менен узақ мүддетли өз-ара пайдалы шериклик қатнасықларын жолға қойыў арқалы инвестициялық жумысты хошаметлеў ҳәм раўажландырыў;

инвестициялық усынысларды баҳалаў, инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

инвестициялық орталықты жақсылаўға, сондай-ақ, республикамыздың инвестициялық потенциалын ҳәм имканиятларын сырт елде кеңнен үгит-нәсиятлаўға жәрдемлесиў;

б) Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары есабынан қәлиплестирилетуғын 5 миллион АҚШ доллары муғдарындағы устав капиталына ийе, акционерлик жәмийет тәризиндеги, мәмлекеттиң үлеси 100 процент болған Өзбекстан Республикасы тиккелей инвестициялар қорының басқарыў компаниясы (кейинги орынларда – басқарыў компаниясы).

  1. Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры Қордың бирден-бир шөлкемлестириўшиси есапланатуғыны ҳәм оның капиталын Қор менен биргеликте жойбарларға инвестиция киргизиў ҳаққында инвесторлар тәрепинен қарар қабыл етилиўине қарай қәлиплестиретуғыны;

инвестициялық жойбарлар басқарыў компаниясы тәрепинен инвестиция ушын әҳмийетли тараўлар, экономикалық мақсетке муўапықлық ҳәм нәтийжелиликти есапқа алған ҳалда еркин түрде таңлап алынатуғыны;

бир жойбар бойынша Қор инвестицияларының ең көп муғдары бул жойбарға киргизилиўи режелестирилип атырған инвестициялар улыўма көлеминиң 30 проценттен аспаўы зәрүрлиги, қалған бөлеги инвесторлардың өз қаржысы ҳәм тартылған қаржылар есабынан қаржыландырылатуғыны;

Қор ҳәм басқарыў компаниясының жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарын қабыл етсин:

Өзбекстан Республикасы тиккелей инвестициялар қоры ҳаққындағы режени тастыйықлаў;

тиккелей  сырт инвестицияларын биргеликте қаржыландырыў принциплери тийкарында тартыў бойынша нәтийжели ҳәм ашық-айдын коммерциялық майданды жаратқан ҳалда Қор ҳәм басқарыў компаниясы арасында бирге ислесиў тәртибин белгилеў;

тәреплердиң ҳуқықлары менен миннетлемелери, инвестициялық сиясаттың принциплери, сондай-ақ, оны әмелге асырыў механизмлерин белгилеген ҳалда Қор ҳәм басқарыў компаниясы арасында инвестициялық активлерди исенимли басқарыў ҳаққында шәртнамалар дүзиў тәртиби.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы (З.Ш.Низомиддинов) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов) және мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-мартқа шекем инвестициялық жойбарларды, биринши гезекте, экономиканың әҳмийетли тармақларында әмелге асырыўды хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаўдың заманагөй түрлери менен усылларын енгизиўди есапқа алған ҳалда, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў механизмлерин жетилистириўди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын ислеп шықсын.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2019-жыл 1-марттан баслап:

сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханалардың шөлкемлестириўшилери (қатнасыўшылары) ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын мүддетин мәмлекеттен шықпай создырыў имканияты болған, әмел етиў мүддети үш жылды қурайтуғын «инвестициялық виза» енгизиледи;

Өзбекстан Республикасы аймағында товарлар ислеп шығарыў ҳәм хызметлер көрсетиў бойынша кәрханалар дүзиў ушын 3 миллион АҚШ долларын артық муғдарда инвестиция киргизген сырт ел пуқараларына, соның ишинде, сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханалардың шөлкемлестириўшилерине (қатнасыўшыларына) Өзбекстан Республикасында жасаў гүўалығы 10  жыл мүддетке жеңиллетилген тәртипте бериледи;

Өзбекстан Республикасында жасаў гүўалығы ямаса «инвестиция визасы»на ийе сырт ел инвесторлары және олардың шаңарақ ағзалары Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын нәзерде тутылған шәртлерде медициналық ҳәм билимлендириў хызметлеринен пайдаланыў ҳуқықына ийе болады;

сырт ел инвесторлары, олар тәрепинен сырт ел пуқаралары арасынан тартылатуғын қәнигелер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын ўақытша дизимге алыў инвестициялық жойбар әмелге асырылып атырған аймақтағы елатлы пунктте, елимиздиң басқа да аймақларында болғанда қайта дизимнен өтиў миннетлемесисиз, визаның әмел етиў мүддетине (виза болмағанда 1 жыл мүддетке) әмелге асырылады.

  1. Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлигиниң Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен Абу Даби раўажланыў қоры (БАӘ) менен биргеликте Өзбекстан – Әмирликлер инвестициялық компаниясын (кейинги орынларда – инвестициялық компания) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмуродов және Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының атқарыўшы директоры Ш.А.Вафоевқа Өзбекстан – Әмирликлер инвестициялық компаниясын шөлкемлестириў ҳаққындағы шөлкемлестириў шәртнамасына қол қойыў ўәкиллиги берилсин.

  1. Инвестициялық компания:

Абу Даби раўажланыў қоры (БАӘ) компаниясының 75 процент муғдардағы және Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының 25 процент муғдардағы үлеслериниң есабынан 5 миллион АҚШ доллары муғдарындағы устав фондына ҳәм 1 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы жәрияланған капиталына ийе болып, жуўапкершилиги шекленген жәмийет тәризинде шөлкемлестирилетуғыны, бунда қосымша қатнасыўшыларды орнатылған тәртипте тартыў мүмкин болатуғыны;

жумыс алып барып атырған ҳәм жаңадан шөлкемлестирилип атырған хожалық жүргизиўши субъектлердиң устав капиталларында үлеслер сатып алыў, қарызлар бериў, баҳалы қағазларды айланысқа шығарыў, хожалық жүргизиўши субъектлердиң устав капиталындағы үлеслерди жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларына реализациялаў ҳәм нызам менен қадаған етилмеген басқа да түрлерде инвестициялық жумысты алып барыў ҳуқықына ийе екени;

Бирлескен Араб Әмирликлериниң инвестициялық, финанс институтлары ҳәм компаниялары менен  инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў ўазыйпаларын атқаратуғыны,  олар менен инвестициялық қатнасықларды муўапықластыратуғыны, сондай-ақ, қоспа инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлайтуғыны ҳәм жүзеге шығарыўға жәрдемлесетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Инвестициялық компания, сондай-ақ, оның шөлкемлестириўшилери алынған дивиденд ҳәм процентлер бойынша дәраматлар менен бирге пайда салығы, мүлк салығы ҳәм жер салығынан, сондай-ақ, оның мүлкин ҳәм активлерин реализациялаўда қосымша қун салығынан 3 жыл мүддетке азат етилетуғыны;

устав фонды (капиталы)ның кеминде 30 проценти инвестициялық компанияның қаржылары есабынан қәлиплестирилген жаңадан шөлкемлестирилген кәрханаларға сырт ел инвестициясы қатнасындағы кәрханалар ушын нызамшылықта нәзерде тутылған жеңиллик ҳәм преференциялар енгизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басқарыў хызметкерлериниң вакант лаўазымларын қысқартыў есабынан Өзбекстан Республикасы Президентиниң реформаларды ҳуқықый тәмийинлеў ҳәм ҳуқық қорғаў жумысын муўапықластырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи бөлимлери структурасында 5 штат бирлигинен ибарат Халықаралық рейтинглер менен ислесиў ҳәм «Электрон ҳүкимет» системасын енгизиў жумысларын муўапықластырыў секторы;

министрликлер менен уйымларда – белгиленген штатлар саны шеңберинде халықаралық рейтинглер бойынша жумысты әмелге асырыў ҳәм «Электрон ҳүкимет» системасын енгизиў ушын жуўапкер болған қәнигелескен тараўлық бөлимлер шөлкемлестирилсин.

Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглердеги ҳәм өз алдына структуралық индикаторлардағы орнын жақсылаў ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлигине, бәринен бурын, сырт ел исбилермен топарлары, исбилерменлер, көрсеткиши жоқары инвесторлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер арасында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, Мәмлекетлик бағдарламаның барысы, бизнес ушын жаратылған қолайлы шараятлар ҳаққында кең мағлыўмат бериў ҳәм үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестириў ушын жуўапкер болған P4-орай функциясы жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы (З.Ш.Низомиддинов) еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң жумысын жетилистириў ҳаққындағы, соның ишинде, P4 -орай фунциясын орынлаў шеңберинде әмелге асырылатуғын илажларды қаржыландырыўдың анық дәреклерин нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманының жойбарын ислеп шықсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен биргеликте жетекши халықаралық финанс ҳәм консалтинг шөлкемлерин тартқан ҳалда 2019-жыл 1-июльге шекем устав капиталындағы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының акциялар (үлеслер) пакетлерин сатыў нәзерде тутылып атырған стратегиялық әҳмийетке ийе болмаған хожалық жәмийетлериниң бирден-бир дизими қәлиплестирилиўин ҳәм жүргизилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Сыртқы ислер министрлиги, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары менен биргеликте 2019-жыл 10-июльге шекем халықаралық исбилерменлик топарларында перспективалы инвестициялық жойбарлар, соның ишинде, устав капиталындағы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының акциялар (үлеслер) пакетлерин сатыў нәзерде тутылып атырған хожалық жәмийетлери, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларының презентацияларын («Road Show») өткериў графигин тастыйықласын ҳәм жыл даўамында әмелге асырсын.
  3. 2019-жыл 1-марттан баслап балалықтан майыплығы болған перзенти бар аналарға, олар пенсия жасына толғаннан соң, егер оларда пенсия тайынлаў ушын зәрүр стаж болмаса, социаллық напақа төленетуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте усы бәнтте белгиленген социаллық напақа муғдарын ҳәм оны төлеў тәртибин нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

  1. Бәнт болмаған халықты, әсиресе, жасларды мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў, сондай-ақ, кәсиплик ўазыйпасын белгилеў ҳәм тастыйықлаўдың улыўма миллий системасын енгизиў бойынша системалы жумысларды шөлкемлестириў Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң 2019-жылғы тийкарғы ўазыйпасы есаплансын.

Пуқаралар, әсиресе, жаслар тәрепинен өз қәнигелигин арттырыў ушын тәсиршең хошаметлеўши факторлар жаратыў, соның ишинде, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги структурасына киретуғын кәсип-өнер колледжлери тийкарында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында бәнт болмаған халық ҳәм жумыссыз пуқаралар ушын оқытыў орайларын шөлкемлестириўдиң есабынан заманагөй оқыў ҳәм өндирислик технологияларға сүйенген кәсипке оқытыўды жолға қойыў ҳәм кәсиплик маманлығын баҳалаўды нәзерде тутатуғын кәсиплик қәнигеликлер улыўма миллий системасын енгизиўге тийкарғы итибар қаратылыўы зәрүр екени белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги елимизде кәсиплик билим бериўдиң заманагөй системасын енгизиў ҳәм раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде бир ай мүддетте жумысшы кәсиплердиң абырайын арттырыў ҳәм кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў бойынша халықаралық ҳәрекетке қосылыўға қаратылған илажлардың әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
  2. 2019/2020 оқыў жылынан баслап:

жоқары билмлендириў мәкемелерине ҳүжжетлерди мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы қабыл етиў тәртиби басқышпа-басқыш енгизилетуғыны;

мүддетли әскерий хызметти өтеген ҳәм әскерий бөлимлер сәркардалығының усынысына ийе шахслардан ибарат абитуриентлер ушын жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын усы шахслар арасында өткерилетуғын таңлаў тийкарында өз алдына квоталар ажыратыў тәртиби киргизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы 2019-жыл 1-мартқа шекем:

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен студентлерди қабыл етиў квоталарын экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың перспективадағы зәрүрликлерин, сондай-ақ, мәкемелердиң кадрларды сапалы таярлаўды шөлкемлестириў имканиятларын есапқа алған ҳалда еркин түрде белгилеў тәртибин тастыйықласын ҳәм усы тәртип 2019/2020-жылдан енгизилиўин нәзерде тутсын;

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте сырт ел дипломларының эквивалентлилигин тастыйықлаўдағы жасалма тосықларды сапластырыў ҳәм оларды тән алыў процесин оптималластырыў бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Бас прокуратура, Мәмлекетлик қәўипсизилк хызмети, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизсин:

Өзбекстан Республикасында болыў қағыйдаларын бузыў менен байланыслы жынаятларды либералластырыў;

Өзбекстан Республикасында болыў қағыйдаларын бузғаны ушын административлик жуўапкершилик илажларын дифференциациялаў, бул топардағы жумыслардың ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен жедел көрип шығылыўын тәмийинлеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары, Өзбекстан жаслар аўқамы, «Раўажланыў стратегиясы» орайы, Пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўди мониторинг етиў бийғәрез институты, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес миллий ассоциациясы, Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы ҳәм кең жәмийетшиликтиң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

а) «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети – мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем және оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында аймақлық бөлимлерин шөлкемлестириў;

б) режелестирилген реформаларды, соның ишинде, мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реформаларды әмелге асырыўға жәрдемлесиў мақсетинде пуқаралар, сырт елде жасап атырған ўатанласлар ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ықтыярлылық тийкарында бирлестириўди «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң тийкарғы ўазыйпасы  етип белгилеў, соның ишинде, төмендегилер арқалы бирлестириў:

халық ҳәм бизнес жәмийетшилиги менен ашық-айдын қарым-қатнасты жолға қойыў;

жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў;

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары, сондай-ақ, пуқаралардың, әсиресе, жаслардың ҳәрекетлери менен күшлерин мобилизациялаў;

режелестирилген, соның ишинде, Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реформалардың әмелге асырылыў процесин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарында ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде додалаўға белсене қатнасыў;

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси  палаталары, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине талланған мәлимлеме ҳәм усынысларды турақлы киргизиў;

в) Улыўмамиллий ҳәрекет басшысын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары арасынан, аймақлық бөлимлердиң басшыларын халық депутатлары жергиликли Кеңеслер депутатлары арасынан сайлаў, олар бир ўақыттың өзинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкиминиң мәсләҳәтшиси есапланады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети  еки ҳәпте мүддетте «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң жумысын шөлкемлестириў бойынша ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети ҳәм «Раўажланыў стратегиясы» орайы менен биргеликте:

Мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылыўының барысын системалы мониторинг етиў, оны сапалы ҳәм өз ўақтында орынлаў ушын қосымша илажлар көриў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

Мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылыўының барысы ҳаққындағы мәлимлемени ҳәр айда улыўмаластырыў және жуўмақларын анық көрсеткишлер ҳәм ерисилген унамлы өзгерислерди сәўлелендирген ҳалда өз веб-сайтларына жайластырыў;

мониторинг нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемени ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў;

Мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырыўдың жуўмақларына бағышланған мәлимлеме-таллаў шолыўларын таярлаў, оларды шет тиллерде жәриялаў ҳәм кеңнен тарқатыўды тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги Халықаралық пресс-клуб, Өзбекстан бийғәрез баспа ғалаба хабар қураллары менен мәлимлеме агентликлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў жәмийетлик қоры, Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы менен биргеликте:

усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпалары ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағында кеңнен түсиндирилиўин;

Мәмлекетлик бағдарлама әмелге асырылыўының барысы ҳаққындағы қалыс ҳәм толық мағлыўматтың кең жәмийетшиликке оператив жеткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйлерине жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                             Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 17-январь