Москва ҳәм Киев делегацияларының қатнасыўында Украинадағы жағдайды жақсылаў мақсетинде Беларустың Гомель ўәлаятында шөлкемлестирилген сөйлесиў жуўмақланды. Бул хаққында «РИА Новости» хабар береди. Дерлик бес саат даўам еткен ушырасыў жуўмағында тәреплер және бир сөйлесиў өткериўге келисти.
Россия делегациясының ағзасы, Президент жәрдемшиси Владимир Мединскийдиң айтыўынша, ўәкиллер күн тәртибиндеги барлық мәселелерди ҳәр тәреплеме додалады, улыўма көзқарасларды шамалаў имканиятын беретуғын шешимлерди анықлап алды.
Мединский кейинги ушырасыў тез күнлерде Польша –Беларусь шегарасында болып өтетуғынын мәлим етти.
«Усы ўақыт аралығында ҳәр бир делегация ағзалары және басшылары сөйлесиўдиң барлық бағдарлары бойынша өз мәмлекетлериниң жетекшилери менен мәсләҳәтлесип алады», – деп өз сөзин жуўмақлады президент жәрдемшиси.
Россиядан сөйлесиўге қатнасқан және бир ўәкил Леонид Слуцкий тәреплер бирин-бири тыңлағанын ҳәм бир қатар әҳмийетли мәселелерде унамлы нәтийжелерге ерисиў мүмкинлиги бойынша тил табысқанын атап өтпекте.
Өз гезегинде, Украина президенти уйымы басшысының мәсләҳәтшиси Михаил Подоляк тәреплер анық қарарларды нәзерде тутатуғын әҳмийетли темаларды белгилеп алғанын атап өтти. Оның қосымша етиўинше, 2-басқышта бул темалар раўажландырылады. Украина ушын ушырасыўдан гөзленген тийкарғы мақсет оқ атыўды тоқтатыў мәселесин додалаў еди, деди Михаил Подоляк.
Қарақалпақстан хабар агентлиги