Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы тәрепинен есапланған Исбилерменлик жеделлиги индекси (ИЖИ) 2022-жылдың январь айында 882 бирликти қурап, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 32 процентке өскен, ал өткен айға салыстырғанда 11,8 процентке төменлеген. Бул ҳаққында «Review.uz» басылымы хабар берди.
2022-жылдың январь айында Исбилерменлик жеделлиги индексинде Өзбекстанның 5 аймағында өткен айға (2021-жыл декабрь) салыстырғанда өсиў бақланған. Бунда ең жоқары көрсеткиш Қарақалпақстан Республикасында (34,3%), буннан кейин Самарқанд (28,3%) ҳәм Сурхандәрья (27,3%) ўәлаятларында сезилерли дәрежеде өсиўге ерисилген.
Сондай-ақ, 9 аймақ бойынша усы индекстиң кемейиўи дизимге алынған болып, Қашқадәрья (-25,9%), Жиззақ (-20,0%), Бухара (-16,7%) ҳәм Хорезм (-14,9%) ўәлаятларында өткен айға салыстырғанда пәсейиў бақланған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.