Европа Кеңеси Министрлер комитети Россияны шөлкем ағзалары қатарынан шығарыўды мақуллады. Бул ҳаққында «Анадолу» халықаралық мәлимлеме агентлиги хабар тарқатқан.

Италия сыртқы ислер министри Луижи Ди Майоның сөзлерине бола, қарар Европа Кеңеси Режесиниң 8-статьясы тийкарында қабыл етилген.

– Италия бул қарар Россияның Украинаға қарсы қабыл етип болмайтуғын әскерий агрессивлиги, халықаралық ҳуқықтың қатаң бузылыўы тийкарындағы зәрүр илаж, деп есаплайды, – деди Европа Аўқамы Министрлер кабинетине басшылық ететуғын Италия сыртқы ислер министрлигиниң басшысы.

ӨзА