Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығының 2021-жыл 11-январь күнги «Салықшы – исбилерменге жәрдемши» принципи шеңберинде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылыўы тийис болған «Ҳәрекетлер режеси» тастыйықланып, сол тийкарда өткен жыл даўамында бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Бул жумыслар Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының Юридикалық тәреплерге хызмет көрсетиў бөлиминиң исбилерменликти қоллап-қуўатлаў секторы тәрепинен әмелге асырылып,  муўапықластырылып барылмақта. Биз усы бөлим баслығының орынбасары А.Отажонов пенен сәўбетлесип, «Салықшы – исбилерменге жәрдемши» принципин әмелге асырыў бойынша 2021-жылға белгиленген тийкарғы бағдарлардың орынланыўы бойынша мағлыўмат алдық.

  • «Салықшы – исбилерменге жәрдемши», дегенде нелерди түсинемиз, қайсы бағдарда, кимлерге қандай жәрдемлер бериледи?

– Исбилерменлик субъектлерине, әсиресе, жумысларын енди баслап, еле аяққа тура қоймаған исбилерменлик субъектлериниң жумысларының жүрисип кетиўине жәрдем бериў бүгинги күнде салық уйымларының да баслы мақсетлериниң бири болып келмекте. Олардың жумысларының раўажланыўына үлес қосыў арқалы, биз елимиз экономикасының раўажланыўына, халқымыз турмысының абаданласыўына, исбилерменлер қатарының кеңейиўине үлес қосқан боламыз.

Ең  дәслеп, «Салықшы – исбилерменге жәрдемши» системасын енгизиў бойынша сегментлеп, исбилерменлик субъектлериниң дизимин қәлиплестириў мақсетинде, юридикалық тәреплердиң мағлыўматлар базасы бойынша, жәми кәрханалардың (жумыс ислеп ҳәм ислемей турған) дизиминен республикамыз бойынша 12892 кәрхананың дизими қәлиплестирилди.

Сондай-ақ, жумыс ислеп турған кәрханалардың дизимнен өткерилген сәнеси, мүлкшилик түри, ири салық төлеўшилер категориясына киретуғынлығы, товар айланысы, жумыс ислеўшилериниң саны, мийнет  ҳақы фонды, есабат тапсырғанлығы, дебитор ҳәм кредиторлары, рентабеллик дәрежеси, пайдасы (зыяны), салықлар ушын жиберилген қаржы, салық қарыздарлығы ҳаққындағы мағлыўматлар қәлиплестирилди.

  • Исбилерменлик субъектлери қайсы критериялары бойынша жәрдемге мүтәж ямаса мүтәж емес деп ажыратылыўы мүмкин?

– Исбилерменлик субъектлериниң арасынан жәрдем берилиўи тийис болғанларының дизимин қәлиплестириў ушын сегментлеп, жәрдемге мүтәж емеслери – жасыл, жәрдем берилиўи мүмкин болғанлары – сары ҳәм жәрдем бериў зәрүр исбилерменлик субъектлери – қызыл топарларға, төмендеги критериялар бойынша ажыратылды.

Жәрдемге мүтәж болмаған (жасыл) топарға:

  • ири салық төлеўшилер;
  • товар айланысы 100 миллион сумнан көп болғанлар;
  • мәмлекетлик үлеси 50 проценттен артық салық төлеўшилер;
  • министрликке қараслы кәрханалар;
  • товар айланысы ҳәм хызметкерлериниң саны азаймағанлар;
  • соңғы бес жыл ишинде әмелий жәрдем сорап мүрәжат етпегенлер;
  • рентабеллиги 10 проценттен жоқары болған кәрханалар киреди (усы критерияларға туўра келетуғын салық төлеўши тәрепинен жәрдем бериў бойынша мүрәжат еткен жағдайлар буған кирмейди).

Жәрдем берилиўи мүмкин болған (сары) топарға 4007 исбилерменлик субъектиниң дизими қәлиплестирилди.

Буған төмендеги жағдайлары есапқа алынды:

  • Товар айланысы ҳәм хызметкерлериниң саны азайған;
  • Жылды зыян менен жуўмақлаған;
  • Әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен;
  • Дебиторлық қарызы барлар;
  • Салық миннетлемесин орынлаўда кемшиликке жол қойған (инкассо) кәрханалар киргизилди.

Жәрдем бериў зәрүр болған (қызыл) топарға 8885 исбилерменлик субъекти киргизилди:

Буған

  • Жаңадан шөлкемлестирилгенлер;
  • Есап тапсырмағанлар;
  • «Ноль» есап тапсырғанлар;
  • Төлемин әмелге асырмағанлар;
  • Мийнет ҳақысын есапламағанлар;
  • Банк айланысын әмелге асырмағанлар;
  • Салық уйымларына бир неше мәрте мүрәжат еткен салық төлеўшилер киргизилди.

– Жәрдем берилиўи зәрүр болған исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын үйрениў ҳәм шешимин табыў бойынша қандай нәтийжелерге ерисилди?

– Оларды топарларға ажыратып машқалаларын үйрениў бойынша аймақлық салық инспекцияларына мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен тапсырма берилип орынланыўы қадағалаўға алынды.

Аймақлық салық инспекциялары тәрепинен 2022-жылдың 1-январь сәнесине шекем мәмлекетлик салық басқармасы ҳәм аймақлық мәмлекетлик салық инспекциялары  тәрепинен жәрдем берилиўи зәрүр болған исбилерменлик субъектлеринен 35062си менен аралықтан турып ҳәм орынларға шыққан ҳалда жеке ушырасыў арқалы салық төлеўшилерге көрсетилетуғын үлги формадағы хызметлердиң дизими усыныс етилип, исбилерменлердиң машқалалары үйренилди.

Соның ишинде, 24580 жағдайда салық уйымларына байланыслы мәселелер бағдарында 6643 жағдайда дәслепки бухгалтериялық жумысларын жүргизиў бойынша түсиниклер бериў, 1555 жағдайда салық қарызы бойынша мағлыўматлар бериў, 1150 жағдайда салық режимин таңлаўға жәрдемлесиў, 1656 жағдайда салық жеңилликлери ҳәм оларды қолланыў тәртибин түсиндириў, 971 жағдайда жеке есап бетинен нусқа кереклиги, 1814 жағдайда 156723,4 миллион сумлық ҚҚСдан артықша төлемин қайтарыў, 8387 жағдайда 85581,7 миллион сумлық басқа салық түринен артықша төлем суммаларын қайтарыў, 4 жағдайда салық қарызының мүддетин созыў, 103 жағдайда дебиторлық қарыздарлығын өндириў ҳәм 2296 жағдайда басқа мәселелер анықланды.

Сондай-ақ, 1077 жағдайда басқа мәкемелер менен шөлкемлерге байланыслы машқалалар, яғный, 524 жағдайда 692526,0 миллион сумлық жеңиллетитилген кредит зәрүрлиги, 234 жағдайда жер ҳәм имарат алыўдағы машқалалар, 183 жағдайда газ, электр, суў ҳәм канализация бойынша машқалалар ҳәм 136 басқа түрдеги машқалалар анықланып, өз шешимин тапты.

Үйрениўлер нәтийжесинде анықланған, салық уйымларына байланысы болған 24580 машқаланың ҳәммеси шешилди.

Сондай-ақ, басқа шөлкемлерге байланысы болған 1077 мәселениң 749ы бойынша исбилерменлик субъектлерине әмелий жәрдем берилди. Яғный, 360 исбилерменге 45707,0 миллион сумлық жеңиллетилген кредит алыўға, 142 исбилерменге жер ҳәм имарат алыўға, 126 исбилерменге газ, электр, суў ҳәм канализация бойынша машқалаларын шешиўге ҳәм 121 исбилерменниң ҳәкимликлерге байланыслы бир қатар машқалалары шешилип, әмелий жәрдем берилди.

Жәрдем берилиўи зәрүр болған исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын үйрениў бойынша тийисли жумыслар аймақлық мәмлекетлик салық инспекциялары тәрепинен даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов сәўбетлести,

Қарақалпақстан хабар агентлиги