Қытай пайтахты Пекинде даўам етип атырған қысқы Олимпиада ойынларында 13-февраль күнги бағдарламадан орын спорт түрлери бойынша жарыслар өз жуўмағына жетти.
Мәмлекетимиз спорт ықласбентлериниӊ дыққат-итибары таў лыжасыныӊ гигант слалом жарысларында қатнасқан жерлесимиз Камилжан Тўхтаевта болды.
Бул жарысларда 90 ға шамалас спортшылар олимпиада медальлары ушын гүрес алып барды.
Қолайсыз ҳаўа-райы шараятында өткен беллесиўлерде олардыӊ теӊ ярымы белгиленген сызықты басып өте алмады
Қуўанышлы тәрепи сонда, “Ice River” трассасындағы жарыслардыӊ биринши ҳәм екинши басқышында табыслы қатнасқан 46 спортшы арасында жерлесимиз Камилжан Тўхтаевтыӊ да аты аталды.
Ол дәслепки стартта 1:12.77 нәтийже менен 35-орынды ийелеген болса, екинши стартта болса, белгиленген аралықты 1 минут 14.72 секунд ишинде басып өтип 27-орынды ийеледи ҳәм улыўмалық есапта 2 минут 27.49 секунды қурап 29-орынды бәнт етти.
Таў лыжасыныӊ гигант слалом бағдарында жеӊимпазлық 2.минут 9,35 секундта қәтесиз кесип өткен швейцариялы Марко Одерматтқа несип еткен болса, словениялы Жан Кранес 2 минут 9,54 секунд көрсеткиш пенен 2-орынды, бәйгиге 2 минут 10,69 секундта жетип келген франциялы Матё Февр 3-орынды ийелеўге миясар болды.
Әҳмийетли тәрепи сонда , Камилжан Тўхтаев бул нәтийже менен Қысқы олимпиада ойынларындағы жеке рекордын жаӊалады.
Еслетип өтемиз буннан төрт жыл бурын Қубла Кореяныӊ Пёнгчанг қаласында болып өткен Қысқы олимпиада ойынларында 52-орынды ийелеген еди.
13-февраль күнги өткерилген жарыслардан соӊ, улыўма командалық есапта Норвегия, Германия ҳәм АҚШ командалары жетекшилик етпекте.
XXIV қысқы Олимпиада ойынлары бағдарламасына муўапық 14-февраль күни 4 спорт түри бойынша жеӊимпазлар анықланса, және төрт бағдар бойынша таӊлап алыў басқышлары болып өтеди.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, жерлесимиз Камилжан Тўхтаев 16-февраль күни болып өтетуғын таў лыжасыныӊ слалом беллесиўлеринде олимпиада медальлары ушын гүрес алып барады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги