Мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыў, исбилерменлерге жәрдем бериў ҳәм қоллап-қуўатлаў ең баслы мақсетлердиң бири етип белгиленген. Бүгинги күнде экономикамыздың раўажланыўыıна үлес қосып атырған исбилерменлик субъектлериниң түрли тараўларда жумыс алып барып, өз мийнети менен үлкен жетискенликлерге ерисип атырғанын көриўимизге болады. Атап айтқанда, аўыл хожалығы тараўында, саўда тараўында, қурылыс ҳәм санаат тараўларында жоқары көрсеткишлерге ерисилмекте.
– Республикамызда 2022-жылдың 1-январь жағдайына 24855 кәрхана дизимге алынған. Соннан 23721 и ҳәрекеттеги кәрханалар болып, өткен жыл менен салыстырғанда олардың саны 1753 ке көбейди. Сондай-ақ, 4491 кәрхана ҳәм шөлкем тазадан ашылған болып, олардың 4308и киши бизнес субъектлери болып дизимге алынған. Жаңадан ашылған кәрханалардың мүлкшилик формасы бойынша, 3407си жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер, 495и шаңарақлық кәрханалар, 348и жеке меншик кәрханалар, 174и коммерциялық емес кәрханалар болып есапланады,-дейди Статистика басқармасы статистикалық регистрлерди жүргизиў бөлиминиң бас қәнигеси С.Қаржаўбаева.
2022-жылдың 1-январь жағдайына исбилерменлик субъектлери экономикамыздың қайсы тараўларында үлес қосып атырғанын атап өтетуғын болсақ:
- Саўда тараўында – 6359 (өткен жылға салыстырғанда 12,6 процентке өскен),
- аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығы тараўында – 3261 (12,0 процент),
- санаат тараўында – 3211 (10,0 процент),
- қурылыс тараўында – 2405 (3,4 процент),
- турмыслық ҳәм аўқатланыў хызметлери тараўларында – 1368 (6,0 процент),
- тасыў ҳәм сақлаўда – 901 (2,4 процент),
- мәлимлеме ҳәм байланıсы тараўларында – 376 (2,2 процент),
- денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиўде – 442 (7,8 процент),
- сондай-ақ, басқа хызмет түрлеринде – 5398 (3,4 процент) үлесине туўра келеди.
Сондай-ақ, сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың да саны асқаны көзге тасланады. Ҳәрекеттеги сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны 169 болып, өткен жылға салыстырғанда олардың саны 5 ке көбейген. Яғный, 3,0 процентке өскен. Олар Қытай Халық Республикасы – 58, Россия Федерациясы – 38, Қазақстан Республикасы – 22, Қубла Корея – 8 ҳәм басқа да мәмлекетлердиң қатнасыўындағы кәрханалар болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги