Тақыятас районында ғәлле майданларында жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизиўге бағышланған көргизбели семинар болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры орынбасары Ш.Рахимов, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министриниӊ орынбасары Р.Қаршиев, Тақыятас районы ҳәкими И.Маткаримов, аўыл ҳәм суў хожалығы бөлимлери, кластер ҳәм фермер хожалықлары басшылары ҳәм қурылыс шөлкемлериниӊ ўәкиллери қатнасты.
– Быйылғы жылы районымыз бойынша 735 гектар жерде суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў режелестирилген, – дейди Тақыятас районы ирригация бөлими баслығы Адил Назаров. – Соннан 500 гектары ғаўаша майданларында, 15 гектар бағшылық ҳәм 20 гектар жүзимзарлықларда қолланыў нәзерде тутылған. Бурын гүзлик бийдай егилген жерлерде жаўынлатып суўғарыў усылынан пайдаланып көрген жоқ едик. Мине, бүгин тийисли қәнигелерден бул бойынша баҳалы мәсләҳәтлер алдық. Ҳәзирги күнлери бул бойынша 200 гектар жерде жаӊа технологияны орнатыў жумыслары баслап жиберилди.
Семинарда Өзбекстан Республикаси Суў хожалығы министриниӊ орынбасары Р.Қаршиев суў үнемлеўши технологиялардыӊ абзаллықлары, соныӊ ишинде ғәлле майданларында жаўынлатып суўғарыў технологияларынан пайдаланыў бойынша усы күнлери әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтти.
Илаж даўамында районлық биолабораториялардыӊ мәўсимге таярлық жумыслары да кеӊ түрде додаланды. Сондай-ақ, кластер ҳәм фермер хожалықларыныӊ бүгинги күни ушырасып атырған машқалалары бойынша мүрәжатлары менен усыныслары да тыӊланып, бул бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы