4-февраль күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте ҳүкимет ағзалары ҳәм уйымлардың басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева алып барды.

Жалпы мәжилис жумысы «O‘zbekiston» ҳәм «UzReport» телеканаллары, сондай-ақ, Сенаттың www.senat.uz рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлери арқалы тиккелей жанлы эфирде көрсетилди.

Дәслеп сенаторлар Министрлер Кабинетиниң 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша есабатын тыңлады.

Ҳүкимет есабаты менен танысқан сенаторлар мәмлекетлик бағдарламадағы көпшилик ўазыйпалардың орынланғаныўы тәмийинленгенин атап өтти.

Атап айтқанда, Бағдарламаның 273 бәнтинен 243 и толық орынланған, 5 бәнттеги ўазыйпалардың орынланыў мүддети созылған, 20 бәнттиң орынланыўы бойынша тийисли ҳүжжет жойбарлары ҳәм усыныслар Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына, 5 бәнттиң орынланыўы бойынша тийисли жойбарлар Олий Мажлис палаталарына киргизилген.

Бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 187 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет ҳәм басқа ҳүжжетлер қабыл етилген.

Макроэкономикалық турақлылықты және де беккемлеў ҳәм экономикалық өсиўдиң жоқары пәтлерин сақлап қалыўға айрықша итибар қаратылып, 2021-жылы өткен жылға қарағанда жалпы ишки өним көлемин 7,4 процентке арттырыўға ерисилген, усақлап сатыў саўда айланысының көлеми 12,0 процентке өскен, бюджет дәраматлары 164 триллион 700 миллиард сумға орынланған.

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде 7 800 аўыл ҳәм мәҳәллелердеги 45 567 объектте қурылыс, оңлаў, абаданластырыў жумыслары толық жуўмағына жеткерилген. 8 триллион 731 миллиард сум муғдарындағы қаржылар есабынан 20 300 километр узынлықтағы автомобиль жолларында, 382 көпирде қурылыс, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары орынланған. 5 892 километр ишимлик суўы тармақлары ҳәм 559 сооружение қурылыўы ҳәм реконструкцияланыўы нәтийжесинде 1 миллион 500 мың халық дәслепки мәрте орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленген ҳәм орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленгенлик дәрежеси 65,1 проценттен 69,7 процентке жеткерилген.

Социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде белгиленген 23 триллион 500 миллиард сум қаржы толық өзлестирилип, 2 173 объект пайдаланыўға тапсырылғаны, сондай-ақ, «Жаслар дәптери»не киргизилген 524 416 дан артық жаслардың бәнтлиги тәмийинленгени, 32 миллион 500 мың халық медициналық хатлаўдан өткерилгени, 14 миллионға шамалас ўатанласларымыз COVID-Qo коронавирус инфекциясына қарсы еки дозада вакцина менен толық шаншылғаны айрықша атап өтилди.

2021-жылда балалардың мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыныўы 62 процентке жеткени, мектеп питкериўшилериниң жоқары билимлендириў мәкемелерине қабылланыўы 2020-жылға салыстырғанда 1,7 есеге артқаны, жасларды жоқары билимлендириўге улыўма қамтыў дәрежеси 28 процентке арттырылып, 170 мыңнан артық ул-қызлар жоқары билимлендириўге қабыл етилгени де Жаңа Өзбекстандағы реформалар жедел даўам етип атырғанын дәлиллейди.

Сенаторлар бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар менен бирге айырым кемшиликлер де бар екенлигин атап өтти.

Атап айтқанда, Бағдарламада 50 кән ҳәм перспективалы майданларды жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларына ашық механизмлер тийкарында пайдаланыўға бериў ўазыйпасы белгиленген болыўына қарамастан, әмелде 20 геологиялық объект сатылған.

Жумыссыз пуқаралар, әсиресе, жаслар, ҳаял-қызлар, қайтып келген мийнет мигрантларын мәҳәлле дәрежесинде кәсип-өнерге, исбилерменликке оқытыў көлемин кеңейтиў мақсетинде мәҳәлле кәсип-өнерге оқытыў оырнлары тармағын кеңейтиў ўазыйпасы бойынша район-қалаларда әмелге асырылған жумыслар талап дәрежесинде шөлкемлестирилмеген.

Социаллық-экономикалық мақсетлерге бағдарланған орайласқан инвестициялардың нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик инвестицияларды басқарыўды баҳалаў (PIMA) системасы енгизилмеген.

Еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары тәжирийбеси тийкарында барлық қала ҳәм районларда «Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары»н шөлкемлестириў ўазыйпасы жетерли дәрежеде орынланбаған.

Тутыныўшылар ҳуқықының үстинлигин тәмийинлеген исбилерменлик субъектлери рейтингин енгизиў системасы жолға қойылмаған.

Сенаторлар мәмлекетлик бағдарламадағы тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўде ҳүкимет ҳәм парламент ағзалары, төртинши ҳәкимият есапланған ғалаба хабар қураллары, кең жәмийетшилик пенен тығыз биргеликте жумыс алып барса, гөзленген барлық мақсетлерге, әлбетте, ерисилиўин атап өтти.

Жанлы додалаў ҳәм қызғын сораў-жуўаплар тийкарында өткен есабат жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.Ғаниевтиң аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм усы мақсетте ажыратылған қаржылардан пайдаланыў нәтийжелилиги ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 10-июльдеги ПП-6024-санлы пәрманын орынлаў шеңберинде 2021-жылда жәми 515,2 мың гектар майданда суў үнемлеўши технологиялар, соннан 197,5 мың гектар майданда тамшылатып суўғарыў енгизилген. Нәтийжеде суў үнемлеўши технологиялар енгизилген жәми жерлер 917,0 мың гектарға яки суўғарылатуғын майданлардың 20 процентине жеткерилген.

Суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў арқалы пахта шийки затын жетистириў, интенсив бағлардың 30,4 мың гектарында тамшылатып суўғарыў системасын шөлкемлестириў, жаңа жүзимзарлықлар жаратыў ҳәм оларды суў менен тәмийинлеў ушын бурғыланған қудықлар қазыў ҳәм тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиўге жәми 1,1 триллион сумнан артық қаржы ажыратылған.

Соның менен бирге, додалаў даўамында сенаторлар тәрепинен аўыл хожалығы егинлерин жетистириў, жаңа жүзимзарлықларды жаратыў ушын бурғыланған қудықлар қазыў ҳәм тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиўге мәмлекетлик бюджет есабынан ажыратылған қаржылардан, суў ресурслары ҳәм суўды үнемлейтуғын технологиялардан нәтийжели пайдаланыўда қатар машқалалар бар екенлиги көрсетип өтилди.

Атап айтқанда, енгизилген суў үнемлеўши технологияларды пайдаланыў ушын қабыл етиў ҳәм субсидия қаржыларын ажыратыў бойынша айырым районлардың жумысшы топарлары тәрепинен насаз ҳалдағы технологияларға унамлы жуўмақлар берилип, бюджет қаржыларының мақсетсиз жумсалыўына жол қойылған.

Аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде суў үнемлеўши технологиялар енгизилген болса да, жерлерди дәстүрий усылда суўғарыў ҳәм суўдан нәтийжесиз пайдаланыў жағдайларының алды алынбаған.

Сондай-ақ, суў үнемлеўши технологияларды енгизиўде Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги және аймақлық ҳәм район исши топарларының жуўапкерсизлиги ақыбетинде техникалық талапларға жуўап бермейтуғын 848 суўды үнемлейтуғын технологиялардың жойбарлары енгизилген ҳәм қурылыс-монтажлаў жумыслары сапасыз орынланған.

Аўыл хожалығы егинлерин жетистириўде суў үнемлеўши технологияларды қурыўшы көпшилик жумысты бөлип алыў шөлкемлери тәрепинен аймақлардың түрли тәбийғый климат, топырақ, гидрогеолог-мелиоративлик шараятлары толық инабатқа алынбағанлығы, қурылыс-монтажлаў жумыслары бир түрдеги параметрли жойбарлар негизинде алып барылғанлығы нәтийжесинде суўғарыў системалары насаз жағдайға келген.

Сенаторлар тәрепинен көрсетип өтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша Суў хожалығы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў және виношылықты раўажландырыў агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен заманагөй суўғарыў технологияларын қолланыў ҳәм бул мақсетлер ушын бюджеттен ажыратылған қажылардың нәтийжелилигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумысларды күшейтиў ҳәм жуўапкершиликти арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сенаттың аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм усы мақсетте ажыратылған қаржыларды өзлестириў бағдарындағы жумысларды және де жеделлестириў, орын алған кемшиликлерди сапластырыўға қаратылған тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин әдиллик министриниң 2021-жылда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.

Мәлимлемеде билдирилиўинше, 2021-жыл даўамында министрликке ҳуқықый экспертизадан өткериў ушын 2 554 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары келип түскен. Олардан 88 проценти (2 246) ҳуқықый экспертизадан өткерилген ҳәм 12 проценти (308) экспертиза өткерилместен қайтарылған.

Жойбарлардың 640 ы (28 процент) наразылықлар менен қайтарылған.

Сондай-ақ, гильотина усылында ҳүкиметтиң қарарлары да қайта көрип шығылып, Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 22-февральдағы 87-санлы қарары менен 1 887 қарар өз күшин жойытқан деп табылған. Нәтийжеде нормативлик-ҳуқықый базада ҳүкимет ҳүжжетлери 10 процентке қысқарған.

Атап өтилиўинше, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен киргизилген 101 ҳүжжеттен 40 ы қабыл етиў мақсетке муўапық емес, деп табылған. Бундай жағдай Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигинде 97 ден 30 ын, Транспорт министрлигинде 56 дан 20 ны қураған.

Сенаторлар тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты тараўында өз шешимин күтип атырған машқалалар бар екенлиги ҳәм оларды сапластырыў илажларын көриў зәрүрлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, аймақлық мәмлекетлик уйымларға методикалық жәрдем көрсетиў арқалы олардың бул бағдардағы жумысының нәтийжелилигин арттырыў илажларын көриў, нормативлик ҳүжжет қабыл еткен уйым менен әмелий бирге ислесиўди кеңнен жолға қойыў зәрүрлиги айтып өтилди.

Министрликлер ҳәм уйымлар, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ҳуқықый, гендер-ҳуқықый ҳәм коррупцияға қарсы экспертизалардан өткериўде Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм басқа уйымлар менен бирге ислесиўди жолға қойыў, ҳәр бир экспертиза жуўмағын министрликтиң рәсмий веб-сайтына жайластырыў әҳмийетли мәселе екенлиги атап өтилди.

Сенаторлардың пикиринше, Әдиллик министрлиги ҳәм оның аймақлық уйымлары мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен усыныс етилген жойбарларды ҳуқықый экспертизадан өткериў мүддетлерине қатаң әмел етиўи, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўында оларға жәрдемлесиўге айрықша итибар қаратыўы лазым.

Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Соң аймақларда жаңа жумыс орынларын жаратыў ислериниң нәтийжелилигин тәмийинлеў бойынша парламентлик қадағалаўды күшейтиў мәселеси додаланды.

Быйылғы жылдың февралынан баслап аймақларда жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша ҳүкимет, министрлик, ведомстволар ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин сын көзқарастан үйрениў, олардың жумысына ҳәр айда баҳа бериў әмелияты енгизилетуғыны атап өтилди.

Усы мақсетте аймақларда жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар үстинен парламентлик қадағалаўды алып барыў, бул бағдарда Сенат ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң белсене қатнасыўы зәрүрлиги белгиленди.

Мәжилис даўамында Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен ҳәр айда Сенатқа ўазыйпалардың орынланыўы бойынша аналитикалық мағлыўматлар, бар машқалаларды сапластырыў бойынша тийкарланған усыныслар киргизип барылыўы белгиленди.

Сенат тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте Министрлер Кабинетине Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында жаслар ҳәм жас өспиримлер ушын миллий контентти раўажландырыў, олардың социаллық тармақлардан пайдаланыў ҳәм зыянлы мәлимлемеден қорғаў ҳаққында парламент сораўын жибериў мәселеси көрип шығылды.

Статистикалық мағлыўматларға бола мәмлекетимизде әйне ўақытта «Facebook»да 4,7 миллион, «Instagram»да 3,7 миллион, «Linkedln»да 288 мың, «Телеграм»да 18 миллион, «Odnoklassniki»де 16,7 миллион, «Twitter»де 51,6 мың ҳәм «В-контакте»де 2,6 миллион пайдаланыўшы болып, олардың көпшилигин жаслар қурамақта.

Интернет тармағы арқалы тарқатылып атырған ғәрезли мағлыўматлар, түрли бузғыншы идеялар, әдеп-икрамлылықты жемириўши иллетлер халықты тәшўишке салмақта.

«UZ» домениндеги веб-сайтларда миллий менталитетимизге жат болған, пуқаралардың, соның ишинде, жаслардың санасы, руўхыяты, мәнаўий-ағартыўшылық тәрбиясына кери тәсир көрсететуғын, әдепсизлик, уятсызлық, порнография, жаўызлық, зорлық, қумар ҳәм тәўекелшиликке тийкарланған ойынларды үгит-нәсиятлаўға хызмет етиўи мүмкин болған материаллар яки басқа веб-ресурсларға силтемелер жайластырыў (пайдаланыўшылар тәрепинен) бақланбақта.

Буннан тысқары, мәденият тараўында болып атырған ўақыяларды таллаў соны көрсетпекте, көркем фильм, реклама (соның ишинде, көшелердеги баннерлер), музыка ҳәм клиплерде тек пул, байлық ҳәм мәнаўиятсызлықты үгит-нәсиятлаў бар. Айырым жағдайларда пүткиллей миллий мәнаўиятымызға қайшы көринислер, сахналар көрсетилмекте.

Сонлықтан оқыўшы жаслардың санасына зыян жеткериўи мүмкин болған әдепсизликти үгит-нәсиятлаўшы контентлер, диний алаўызлықты қозғаўшы, тәўекелшиликке тийкарланған онлайн ойынлар, тотализаторлар, шаңарақлық қәдириятларды бийкарлайтуғын ҳәм жәмийетте бузғыншылық идеяларын үгит-нәсиятлайтуғын веб-ресурсларға қарсы гүресиў биргеликтеги тийкарғы ўазыйпа екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте сенаторлар Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында жаслар ҳәм жас өспиримлер ушын миллий контентти раўажландырыў, олардың социаллық тармақлардан пайдаланыў ҳәм зыянлы мәлимлемеден қорғаў ҳаққында Министрлер Кабинетине парламент сораўын жибериў ҳаққында қарар қабыл етти.

Соң газ баллонлары менен үскенеленген автотранспорт қуралларының қәўипсизлигин тәмийинлеў жағдайы ҳәм тараўға тийисли нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетине парламент сораўын жибериў мәселеси көрип шығылды.

Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен өткерилген үйрениўлери даўамында газ баллонлары менен үскенеленген транспорт қуралларының жарылыўы менен байланыслы унамсыз жағдайлардың жүз бериўине қатар факторлар себеп болып атырғаны анықланған.

Атап айтқанда, автотранспорт қуралларына нызамсыз газ үскенесин орнатыў ҳәм олардың өз ўақтында техникалық тексериўден өткерилмеў жағдайлары жылдан-жылға көбейип баратырғаны атап өтилди. Бул автотранспорт қуралларының жарылыўы менен байланыслы қорқынышлы ҳәдийселерди жүзеге келтирмекте.

Атап айтқанда, 2021-жылда автотранспорт қуралларына нызамсыз (әмелдеги техникалық регламент талапларына жуўап бермейтуғын) газ үскенеси орнатылғанлығы менен байланыслы 2 928 жағдай анықланған болып, бул 2020-жылға салыстырғанда 61 процентке көп.

Газ баллонлары орнатылған транспорт қуралларында 14 жарылыў ҳәм 2 өрт шығыў жағдайлары жүз берип, оларда 9 пуқара жарақатланған ҳәм 14 и қайтыс болған.

Компрессор станцияларында автомобильлердиң газ баллонларын толтырыўдың талап ҳәм тәртибин бузыў жағдайлары көплеп ушыраспақта.

Газ баллонларын автомобильлерге орнатыў ҳәм тийисли үскенелерди сынақтан өткериў менен шуғылланыўшы хожалық субъектлериниң жумысы үстинен тәсиршең қадағалаў орнатылмаған. Газ баллонларының техникалық сынақтан өткерилгенлиги ҳаққында қәлбеки актлерди рәсмийлестириў жағдайлары бар.

Атап айтқанда, 2021-жылда 36 юридикалық ҳәм физикалық тәреп автотранспорт қуралларына нызамшылық талапларына қайшы рәўиште газ баллонларын орнатыў ҳәм сынақтан өткериў менен шуғылланып келген.

Газ баллонларының техникалық сынақтан өткерилгенлиги ҳаққында қәлбеки ҳүжжетлерди таярлаў менен шуғылланып келген 16 физикалық ҳәм юридикалық тәреп анықланған.

Бул мәселелер бойынша сенаторлар ҳүкиметке парламент сораўын жибериў ҳаққында қарар қабыл етти.

Буннан кейин жалпы мәжилисте ақаба суў тазалаў сооружениелеринде жүзеге келип атырған машқала ҳәм кемшиликлердиң қоршаған орталық ҳәм халық саламатлығына тәсири бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламент сораўы нәтийжелери көрип шығылды.

Ақаба суў системаларын жақсылаў бойынша халықаралық финанс институтларының қатнасында әмелге асырылып атырған 5 жойбар шеңберинде 33 объекттиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылып, 226,4 миллиард сумлық қаржы өзлестирилгенлиги белгиленди.

Аймақлық лабораториялар ушын 8 357 арнаўлы үскене ҳәм аймақлардағы ақаба суў тазалаў сооружениелерине тири микроорганизмлерге бай болған биологиялық ҳәм «Дефекат» элементи жеткерип берилген.

Әмелге асырылған жумыслар менен бирге айырым машқалалар да бар екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, санаат кәрханаларының ақаба суўлар қурамының патасланыўы нәтийжесинде пайда болатуғын, тазалаў сооружениелериниң ислеўиниң технологиялық регламентин бузатуғын элементлер жоқары концентрацияда ағызылса, олардың жумысын тоқтатыў тәртиби ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлерде белгиленбеген.

Тараўды қәнигелер менен тәмийинлеўге жетерлише итибар қаратылмаған. Атап айтқанда, жоқары билимлендириў мәкемелеринде тараў бойынша жетик қәнигелер ҳәм квалификациялы кадрлар таярлайтуғын бағдарлар жоқ. Нәтийжеде ақаба суў тазалаў сооружениелерин жойбарластырыў, қурыў, эксплуатациялаў ҳәм оның қурамын анықлаўда машқалалар жүзеге келмекте.

Турақ жай мүлк ийелери ҳәм турақ жайдан пайдаланыўшылар тәрепинен ишимлик ҳәм ақаба суў хызметлери төлеминиң өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша жетерли шаралар көрилмегенлиги атап өтилди.

Усы мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди ҳәм бул мәселе парламент қадағлаўында қалдырылды.

Жалпы мәжилисте Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң 2020-2021-жыллардағы жумысы додаланды.

Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилген ҳәм мақуллаў ушын Сенатқа усынылған 12 нызам комитет тәрепинен тийисли министрлик ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм экспертлер топары ўәкиллери қатнасында дәслепки тәризде көрип шығылып, Сенат жалпы мәжилисиниң додалаўына киргизилген.

Қадағалаў-таллаў жумысы шеңберинде Бас министр орынбасары ҳәм ҳүкимет ағзаларының 11 тыңлаўы шөлкемлестирилген.

Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары, орынларда халық пенен ушырасыўлар ҳәм көшпели қабыллаўларда ҳәм жәмийетшилик тәрепинен көтерилген мәселелер бойынша 4 парламент сораўы жиберилген. Олардың нәтийжелери Сенаттың жалпы ҳәм комитет мәжилислеринде додаланған.

Аймақларда 4 нызам ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы үйренилип, нәтийжелери бойынша 7 комитет қарары ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери менен 3 қоспа қарар қабыл етилген.

Жаңа система тийкарында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың аймақларда әмелге асырылыўын рейтинг баҳалаў жолға қойылған. Аймақ басшылары ҳәм олардың жаслар мәселелерине жуўапкер болған орынбасарларын хошаметлеў тәртиби ҳәм рейтинг баҳалаў методологиясы ислеп шығылып, мағлыўматларды талқылап барыў ушын платформа (www.yoshlarportali.uz) иске түсирилген. Платформадағы мағлыўматлар арқалы аймақлардағы жуўапкер басшылардың жумысын баҳалап барыў имканияты жаратылған.

Ҳуқықты қолланыў әмелияты ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң қабыл етилиўин үйрениў шеңберинде 8 нызам талқыланған. «Музейлер ҳаққында»ғы ҳәм «Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамларға тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизилиўи тәмийинленген.

Соның менен бирге, додалаў процесинде комитеттиң жаслар, мәденият ҳәм спорт тараўында пайдаланылмай атырған имканиятлары да бар екенлиги атап өтилди.

Додалаўлар жуўмағында Сенат қарары қабыл етилди.

Буннан кейин Сенаттың айырым комитетлериниң жумысын жетилистириў мәселеси додаланды.

Мәлим болғанындай, бүгинги күнде экологиялық жағдайды жақсылаў мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың ең әҳмийетли мәселелеринен бири. Бул бағдарда бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген, «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары әмелге асырылмақта. Мәжилис даўамында Сенат та бул бағдардағы жумысын усы әҳмийетли мәселеден келип шығып жетилистириўи зәрүр екенлиги белгиленди.

Усыннан келип шығып, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Конституциялық нызамның 9-статьясына муўапық Сенаттың айырым комитетлериниң жумысы ҳәм қәнигеликлерине өзгерислер киргизилди.

Атап айтқанда, Сенаттың Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитетиниң жумысы тиккелей экология факторына байланыслылығы, комитеттиң бул бағдардағы үлкен тәжирийбеси инабатқа алынып, экология менен байланыслы барлық мәселелер менен шуғылланыў усы комитеттиң жуўапкершилигине жүкленди.

Сондай-ақ, мәмлекетимизде аўыл ҳәм суў хожалығын раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша кең көлемли реформалар алып барылып атырғаны, соның менен бирге, аграр тараўда айрықша итибар қаратыў зәрүр болған айырым системалы машқалалар сақланып қалып атырғаны себепли Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитети өз жумысын аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелерине қаратыўы белгиленди.

Усы мүнәсибет пенен бул еки комитет атамалары өзгертилип, Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети және Аграр ҳәм суў хожалығы мәселелери комитети етип қайта аталды.

Қәнигеликтен келип шығып, комитетлердиң тийкарғы ўазыйпалары белгиленди ҳәм тийисли режелер тастыйықланды.

Сенаторлар Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң қарарларын да тастыйықлады.

Парламент жоқары палатасының жигирма үшинши жалпы мәжилисинде 20 мәселе, соның ишинде, 8 нызам көрип шығылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Усы күнниң өзинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма үшинши жалпы мәжилисиниң жуўмақларына бағышланған баспасөз конференциясы да өткерилди.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенаты

Мәлимлеме хызмети