Усы жыл 2-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде 2021-жыл даўамында жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бағдарында  әмелге асырылған жумысларға бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Илажға министрликтиң тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлар қатнасты.

Әнжуман қатнасыўшылары дәслеп Ишки ислер министрлигинде “102” автоматластырылған системаның жумыслары, бул жерде хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник А.Темирханов  басқарып барған илажда атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында елимизде жынаятшылық ҳәм ҳуқуқбузарлықтың алдын алыў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, жынаятлардыӊ ерте алдын алыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымлары тәрепинен өткен жыл даўамында бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылды. 66 шахс тәрепинен исленген коррупция ҳәм экономика тараўындағы  56 жынаят ашылып, олар ақыбетинде жеткерилген 1 миллиард 176 миллион 783 мың сумлық зыян өндирилди.

Шаңарақ-турмыс қатнасықларындағы жынаятлардың алдын алыў мақсетинде тынышсыз шаңарақлардағы 496 жәнжел унамлы шешилди. Нәтийжеде 509 шаңарақ ажырасыўдан сақлап қалынды.

Хызмет көрсетиў бағдарында 52 мың 786 пуқараға ID паспорт, 212 мың 240 пуқараға сырт елге шығыў биометрикалық паспорты, 72 мың 486 пуқараға айдаўшылық гүўалығы рәсмийлестирилип берилди ҳәм 23 мың 920 шет ел пуқарасы есапқа қойылды.

Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде 2021-жыл даўамында  республикамыздағы 424 пуқаралар жыйынынан 167 пуқаралар жыйынында бирде-бир жынаят жүз бермеген болса,  113 пуқаралар жыйынында жынаятлар саны азайған.

Аймақлар кесиминде алып қарағанда, алды алыныўы  мүмкин болған жынаятлар Мойнақ районында 11, Тақыятас районында 8, Елликқала районында 5, Кегейли районында 3, Бозатаў районында 2 процентке азайыўына ерисилди.

2021-жылы 12-февраль күни Президентимиздиң басшылы­ғында Ишки ислер министрлигинде кеӊейтилген тәризде өткерилген мәжилисте және Президентимиздиӊ
2021-жыл 26-март күнги 6196-санлы пәрманы ҳәм 2-апрель күнги 5050-санлы қарары менен пуқаралардыӊ социаллық турмыстағы машқалаларын “пуқара кесиминде” ҳәм мәҳәлле инфраструктурасындағы машқалаларды  секторлар кесиминде шешиў арқалы жынаятларды “мәҳәлле кесиминде” жылаўлаў, “социаллық профилактика” жумысларын жолға қойыў бойынша ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм секторлардың жумысларын жеделлестириўге қаратылған бир қатар тапсырмалар берилди.

Усы тапсырмалар тийкарында пуқаралар жыйынларында дүзилген жумысшы топарлар тәрепинен машқалалар анықланып, солардан бүгинги күнде көпшилиги унамлы шешилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң әмелий жәрдеми менен өткен жылдың июнь айында Ишки ислер министрлигинде  “102” автоматластырылған система иске түсирилди. Нәтийжеде барлық қала ҳәм районлардағы “102” автоматластырылған системаға келип түскен хабарлар орайластырылған ҳалда қабыл етилип, оператив-тергеў топарының ўақыя орнына тез жетип барыўын тәмийинлеў ҳәм патрул-пост хызметин басқарыў имканияты жаратылды. Бир күнниң өзинде бул системаға орташа 750-850 әтирапында хабар келип түспекте.

Соның менен бирге, Нөкис қаласындағы халық көп жыйналатуғын орынлар  ҳәм криминоген жағдай аўыр аймақларға орнатылған 272 видеобақлаў камералары интеграцияланған.

Еӊ көп жол-транспорт ҳәдийселериниӊ келип шығыўына себеп болып атырған тезликти асырыў ҳалатларыныӊ алдын алыў мақсетинде Республикамыздан өтип турған халық арлық әҳмийетке ийе болған А-380 Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў жолы, мәмлекетлик әҳмийетке ийе болған 4Р-173 Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир жолы және районлардағы ишки жолларға стационар фото радарлар орнатыў, қала ҳәм районлардағы үлкен көшелер кесиспелерине қағыйдабузарлықларды анықлаўшы видеобақлаў камераларын орнатыў бүгинги күндеги еӊ әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып қалмақта.

Өткен дәўирде усындай унамлы жумыслар әмелге асырылыўы менен бир қатарда, жынаятшылыққа қарсы гүресиўде айырым кемшиликлергеде жол қойылғанлығы атап өтилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстстан хабар агентлигиниң шолыўшысы