Елимизде пандемияға байланыслы жағдай кескинлескени себепли Сенат кеңесиниң гезектеги мәжилиси онлайн тәризде болып өтти. Оны Сенат Баслығы  Танзила Норбоева алып барды.

Мәжилисте Сенаттың жигирма үшинши жалпы мәжилисин  2022-жыл 3-февраль күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Гезектеги жалпы мәжилисте «Географиялық көрсеткишлер ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Айрықша жағдай ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы ҳәм «Материаллық мәдений  мийрас объектлерин қорғаў күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар додаланады.

Сондай-ақ, «Пуқаралардың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларының кепилликлери және де күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар да күн тәртибине киргизилген.

Буннан тысқары, 2021-жылғы Мәмлекетлик  бағдарламаның орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетиниң есабаты, Бас министрдиң орынбасары Ш.Ғаниевтиң  аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў және сол мақсетте ажыратылған қаржылардан  пайдаланыў нәтийжелилиги ҳаққындағы мәлимлемеси және әдиллик министриниң 2021-жылы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң нормативлик дөретиўшилик жумысы және ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайы ҳаққындағы  мәлимлеси тыңланыўы режелестирилген.

Сондай-ақ, түрли мәселелер бойынша Министрлер Кабинетине парламентлик сораўлар жибериў ҳәм ҳүкиметке жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелерин көрип шығыў ҳәм басқа бир қатар мәселелерди додалаў режелестирилген.

Жалпы мәжилис еки күн даўамында онлайн тәризде өткериледи.

ӨзА