Усы жыл 25-январь күни Қарақалпақстан Республикаси тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде Өзбекстан Көркем өнер академиясының академиги, Қарақалпақстан халық художниги Сарсенбай Байбосыновтың «Кеўил ырғақлары» атамасында жеке көргизбеси шөлкемлестирилди.
Оның ашылыў мәресиминде шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, Қарақалпақстан сүўретлеў көркем өнери бүгинги күнде жоқары дәрежеде раўажланып бармақта. Устаз художниклердиң даўамшылары жаңа заманагөй ағымдағы картиналарды дөретип, тамашагөйлердиң кеўлинен шығып келмекте.
С.Байбосынов доретиўшилиги даўамында портрет, пейзаж, натюрморт ҳәм басқа да жанрларда көплеген картиналар дөретип келмекте. Соның менен бирге, «абстракционизм» ҳәм «пуантализм» ағымлары тәсиринде реңли бояўда жумыслар ислеп, олардың тематикасы қарақалпақ миллий үрп-әдетлери, этнографиясы, миллий кийимлердеги қарақалпақ ҳаял-қызларын, аўыл көринислерин, миллий қурақлар менен натюрморт, бүгинги күнниң машқаласы есапланған Арал трагедиясына бағышланған картиналар дөретип келмекте.
Художник дөретиўшилиги даўамында 1983-жылдан баслап республикалық, ўәлаятлық, декадалық, сырт еллердеги көргизбелерде белсене қатнасқан. Атап айтқанда, «Өзбекстан художниклери» (Түркия 1991, Москва 1993), «Миллет мақтанышы» көргизбеси (Москва 2011) ҳәм Ташкент қаласында өткерилген халықаралық көргизбеге қатнасты. Ал, 2004-жылы болса, Австрия мәмлекетине, 2019-жылы Кипр мәмлекетиндеги симпозиумда Никосия Жақын шығыс университетиниң заманагөй көркем өнер авангард музейинде дөретиўшилик сапарда болды. Художник өзиниң картиналары менен Биеннале-1 (2001-жыл), Биеннале-2 (2003-жыл), Биеннале-5 (2009-жыл), Биеннале-6 (2011-жыл), Биеннале-7 (2013-жыл) көргизбелерине қатнасып, мүнәсип сыйлықланды. Сондай-ақ, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген барлық көргизбелердиң турақлы қатнасыўшысы, бир қанша жеке көргизбелердиң шөлкемлестириўшиси. Художниктиң картиналары бүгинги күнде елимиздеги, сондай-ақ, бир қатар сырт еллердеги музейлерде сақланбақта.
С.Байбосыновтың дөреткен картиналарында ана Ўатанға болған сүйиспеншиликти, өзгеше гөззаллық дүньясын, кеўиллерли толғандыратуғын темаларды көриўге болады. Бүгинги күни көплеген шәкиртлерине реңли боялаўлардың сырларын жалықпастан үйретип келмекте.
Илаж қатнасыўшылары художниктиң жаңа көргизбеси менен танысты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы