Бүгин, 19-январь күни Коллектив қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеминиң тынышлықты тәмийинлеўши әскерий күшлерин Қазақстан аймағынан шығарыў процеси жуўмағына жетти. Соңғы жеке қурам ҳәм техникалар самолётлар арқалы Алматы қаласынан ушып кетти. Бул ҳаққында «Қазақпарат» агентлиги хабар берди.
«Ҳәзирги ўақытта Қазақстан Республикасы аймағында сырт мәмлекетлердиң әскерий хызметкерлери жоқ. Елимизден КҚШШның бирлескен тынышлықты тәмийинлеўши контингентин гезекпе-гезек шығарыў усы жылдың 13-январь күнинен баслап әскерий күшлердиң жоқары бас сәркардасы – Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев белгилеген ўақытта әмелге асырылды», – деп айтып өткен Қорғаныў министрлиги халықаралық бирге ислесиў департаменти баслығы Олжас Қусайынов.
Еслетип өтемиз, президент Қасым-Жомарт Тоқаевтың 5-январь күни КҚШШға жәрдем сорап мүрәжат еткенинен соң Қазақстанға усы шөлкемге ағза мәмлекетлердиң тынышлықты тәмийинлеўши әскерий күшлери киргизилген еди. Алматы ҳәм Нур-Султан қалаларында әскерий миссиясын алып барған КҚШШ күшлериниң ўазыйпасы ең әҳмийетли стратегиялық объектлерди қорғаў ҳәм көшелерде ҳуқық-тәртипти сақлаўға жәрдем бериўден ибарат болған.
Соның менен бирге, бүгин Қазақстанда бир қатар әҳмийетли лаўазымлық тайынлаўлар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, Қазақстан Республикасы Қорғаныў министри лаўазымына Руслан Жақсылықов, Ишки ислер министриниң орынбасары – Миллий гвардия бас командири лаўазымына Еркин Ботақанов тайынланды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.