14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 30 жыл толыўы байрамы мүнәсибети менен бүгин, 14-январь күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, жоқары оқыў орынлары, мийнет жәмәәтлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери гүлшеңберлер қойды.
Илаж соңында Арқа-батыс әскерий округи, Миллий гвардия, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметине қараслы шегара әскерлериниң әскерий сап тартып жүриў салтанаты болып өтти.
Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 30 жыл толыўы байрамы мүнәсибети менен республикамыз бойлап байрам илажлары даўам етпекте.
Фотолар авторы: Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.