Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов Дели қаласында Ҳиндстан сыртқы ислер министри Субраманян Жайшанкар менен сөйлесиў өткерди.

Еки мәмлекет сыртқы ислер уйымларының басшылары тәрепинен сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўдиң тийкарғы тәреплери додалады.

Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан басшыларының турақлылыққа ийе болған сөйлесиўи еки тәреплеме қатнасыққа жаңа пәт бағышлағаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Министрлер ҳәр қыйлы дәрежедеги болажақ ушырасыўлар кестесин көрип шықты. Атап айтқанда, 2022-жылы Дели қаласында еки мәмлекет сыртқы ислер министрликлери арасында сиясий мәсләҳәтлесиў өткериў усыныс етилди.

БМШ, ШБШ ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде конструктивлик сөйлесиў бар екенлиги атап өтилди.

Аўғанстандағы ҳәзирги жағдай, соның ишинде, мәмлекетке гуманитарлық жәрдем көрсетиў мәселеси бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

 

Сыртқы ислер министрлигиниң

баспасөз хызмети