Коронавирусқа қарсы гүресиўде нықап тағып жүриў ең нәтийжели қурал болып есапланады. Түрли мәмлекетлер, соның ишинде, Уллы Британия, Австралия ҳәм Қытай илимпазлары усындай шешимге келди.

Олар алты изертлеўди әмелге асырған. Мақсет нықап тағыў, социаллық аралықты сақлаў ҳәм усыған уқсас түрли әмеллер COVID-19ға байланыслы жағдайға қандай тәсир етиўин анықлаў болған.

«Улыўма анализлер кеселлениў 53 процентке азайғанын көрсетти», – делинеди British Medical Journal илимий журналында жәрияланған есабатта.

Изертлеўде 400 мыңнан аслам адам қатнасқан, олардың еки ярым мыңнан асламы сол ўақытта COVID-19 бенен кеселленген болған.

Илимпазлардың атап өтиўинше, көпшилик вакцина алғаны, олардың қәўипсизлиги ҳәм нәтийжели екенине қарамастан, коронавирустан жүз процент қорғай алмайды. Сол себепли, емленгеннен кейин де нықап тағып жүриў, социаллық аралыққа әмел етиў ҳәм қолды жуўып жүриў керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги