Өзбекстан Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан бирлескен комитети тәрепинен республикамыздағы кәрхана, мәкеме, шөлкем ҳәм оқыў орынларындағы басланғыш кәсиплик аўқамы комитетлери ўәкиллериниң қатнасыўында Нөкис қаласындағы “Falсone” ресторанында «Кәсиплик аўқамлары күни»не бағышланған мәдений илаж өткерилди.
Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде ерисилген жетискенликлерге, тараўдағы жаңалықларға кеңнен тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан бирлескен комитети өткен жылы шөлкемлестирилип, усы дәўир ишинде оның орынлардағы 100 ге шамалас басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлери дүзилди. Ағзаларының саны 6000 нан асып кетти.
Жумысшылардың сораўлары бойынша санаторийлерде емлениўи ушын жолламалар берилип, жумысшылардың мәдений дем алыўы ушын елимиздиң дыққатқа ылайық орынларына саяхатлар шөлкемлестирилди. Материаллық жәрдемлер көрсетилди.
– Усы кешени шөлкемлестиргенлерге үлкен алғыс айтамыз,-дейди Кегейли районы мәденият бөлиминиң кәсиплик аўқамы комитетиниң баслығы Р.Қурбанбаев. – Дастурхан әтирапында кәсиплеселеримиз бенен сәўбетлесип тәжирийбе алмастық, жаңалықлардан хабардар болдық.
Жаңадан шөлкемлестирилгенлигине қарамастан, жыл даўамында бир қатар жумыслар исленди. Барлығы усы илажда атап өтилип, бир қатар белсендилерге ҳүрмет жарлығы, естелик саўғалары тапсырылды. Азы-кем хызметлеримиз инабатқа алынып, сыйлықлап, ҳүрмет көрсеткени ушын шөлкемлестириўшилерден миннетдармыз.
Илажда бир қатар кәсиплик аўқамлары белсендилерине ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги