18-ноябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма биринши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген мәжилисте ҳүкимет ағзалары ҳәм уйымлар басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Жалпы Мәжилис Олий Мажлис Сенатының рәсмий веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлеринде жанлы эфирде көрсетилди.
Дәслеп сенаторлар тәрепинен Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы директорының Өзбекстан Республикасында инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық миннетлемелердиң орынланыў жағдайы ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.
Мәжилисте өткен еки жыл даўамында Өзбекстан инсан ҳуқықлары ҳәм мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў бойынша салмақлы жетискенликлерге ерискени атап өтилди. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасының миллий нызамшылығы ҳәм ҳуқықый әмелиятты инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық стандартларға бейимлестириў мақсетинде Халықаралық мийнет шөлкеминиң «Мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасына жәрдемлесиўши тийкарлар ҳаққында»ғы конвенциясы ҳәм БМШтың «Майыплар ҳуқықлары ҳаққында»ғы конвенциясы ратификацияланды.
Буннан тысқары, сенаторлар инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық миннетлемелерди орынлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қыйнаў жағдайларын анықлаў ҳәм олардың алдын алыў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилгенин атап өтти.
Бул ҳүжжетлерде қыйнаўларды анықлаў ҳәм олардың алдын алыў бойынша жәмийетлик топарларды шөлкемлестириў бағдарында бир қатар нормалар белгиленген, соның ишинде, олардың жуўапкершилиги, қыйнаўдан жәбир көргенлерге социаллық, ҳуқықый, психологиялық жәрдем көрсетиў анық белгилеп қойылған.
Балалар ҳуқықларын қорғаў системасын және де жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.
Зорлықтан жәбир көрген ҳаял-қылардың ҳуқықларын тиклеў, барлық тараўларда теңлик принципин қолланыўға айрықша итибар қаратылды. Сол мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Зорлық ислеўден жәбир көрген ҳаял-қызларды реабилитациялаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Өз гезегинде, Олий Мажлис Сенаты тәрепинен «Өзбекстан Республикасында 2030-жылға шекем гендер теңликке ерисиў стратегиясы» ислеп шығылды ҳәм мақулланды.
Өзбекстанның инсан ҳуқықларын үгит-нәсиятлаў бағдарындағы ҳәрекетлериниң тән алыныўы сыпатында елимиз биринши мәрте БМШтың инсан ҳуқықлары бойынша Кеңесине үш жыллық мүддетке (2021-2023) сайланды.
Соның менен бирге, сенаторлар инсан ҳуқықлары тараўында халықаралық стандартларды қолланыў, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў бойынша еле шешилмеген мәселелердиң бар екенлигин атап өтти.
Ҳәзирги күнге шекем ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң инсан ҳуқықлары тараўындағы билимлери ҳәм көнликпелери еле жетерли дәрежеде қәлиплеспеген. Бул болса әмелиятқа унамсыз тәсир етпекте.
Инсан ҳуқықлары тараўындағы Өзбекстан Республикасы Миллий стратегиясын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»н кешиктирип орынлаў ямаса надурыс орынлаў жағдайлары сенаторлардың дыққат орайында болды. Мысал ушын, нәзерде тутылған 46 бәнттиң 11 бәнти бойынша илажлар әмелге асырылмаған.
Буннан тысқары сенаторлар Олий Мажлис палаталары Кеңеслериниң Қоспа қарары менен мақулланған БМШтың инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў ҳәм оқытыў ҳаққындағы декларациясының қағыйдаларын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» тийисли дәрежеде орынланбай атырғанына итибар қаратты.
Жалпы мәжилисте ҳәр тәреплеме ҳәм ашық додалаў жуўмақлары бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымларға зәрүр көрсетпелер ҳәм усыныслар берилди.
Көрип шығылған мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилди.
Буннан соң сенаторлар халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеўдеги машқалалар бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелерин көрип шықты.
Онда айтылыўынша, Министрлер Кабинетиниң 804-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша усы жылдың басынан ҳәзирги күнге шекем суў тәмийнаты кәрханалары тәрепинен сырт ел кредитлери бойынша 139,3 миллиард сумлық миннетлемелер орынланған. Жәми 1 729 объектте қурылыс жумыслары алып барылып, 20 363,6 километр ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары қурылған және реконструкцияланған.
Ишимлик суўы тәмийнаты объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаўды қадағалаўға алыў мақсетинде Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги тәрепинен «Smart qurilish» электрон платформасы арқалы «онлайн» режимде қадағалаў жумыслары алып барылмақта. Тараўда коррупцияның алдын алыў ҳәм тендер саўдаларының процесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде комплаенс системасы енгизилген.
2021-жылдың январь-май айларында 97,6 мың абонент (ямаса 258,2 мың халық) ҳәм 342 юридикалық кәрхана менен еки тәреплеме шәртнамалар дүзилген болып, «Watercontrol» биллинг бағдарламасына киргизилген.
Усы жылдың январь-май айларында аймақлық суў тәмийнаты кәрханалары тәрепинен ишимлик суў тармақларына 367 нызамсыз жалғаныў жағдайлары анықланып, жәми 1,4 миллиард сумлық зыян өндирилген.
Мағлыўматлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде тутыныўшылар жеке кабинети (cabinet.uzst.uz) бети жаратылған.
Тутыныўшыларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде электрон төлем системалары (click, paynet, payme, upаy, oson ҳәм басқалар) менен шәртнамалар дүзилип, биллинг базасына интеграцияланған.
Нәтийжеде электрон төлем системалары арқалы быйыл январь-май айларында 66,8 миллиард сум келип түсип, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине (34,2 миллиард сум) салыстырғанда 95 процентке артқан.
Бул тәреплерди есапқа алған ҳалда Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.
Соң мәжилисте ҳәмиледар ҳәм репродуктив жастағы ҳаял-қызлар және нәрестелерге көрсетилип атырған медициналық жәрдем жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў мәселеси додаланды.
Мәжилисте Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери бойынша комитети тәрепинен аймақларда ҳәмиледар ҳәм репродуктив жастағы ҳаял-қызлар және нәрестелерге көрсетилип атырған медициналық жәрдемге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайының үйренилгени ҳәм машқалалардан келип шығып ҳүкиметке парламентлик сораў жибериў усынысы киргизилди.
Кейинги жыллары бул бағдарға айрықша итибар қаратылып атырғанын «Ана сүти менен азықландырыўды қоллап-қуўатлаў және нәрестелер ҳәм киши жастағы балалар азық-аўқат өнимлерине байланыслы талаплар ҳаққында» ҳәм «Пуқаралардың репродуктивлик саламатлығын сақлаў ҳаққында»ғы нызамлар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етилгени менен көриў мүмкин.
Ҳәзирги күнде республика бойынша денсаўлықты сақлаў системасындағы ҳәмиледар, туўатуғын ҳәм туўған ҳаяллар және жаңа туўылған нәрестелерге 226 туўыў мәкемеси, соның ишинде, 18 перинатал орай ҳәм Республикалық қәнигелестирилген акушерлик ҳәм гинекология илимий-әмелий медицина орайы және Республикалық «Ана ҳәм бала скрининг» орайы, оның 13 аймақлық филиалы тәрепинен медициналық хызмет көрсетип келинбекте.
Соның менен бирге, туўыў мәкемелериниң сыйымлылығы елимизде туўылыў дәрежесине сәйкес келмейтуғыны айрықша атап өтилди.
2019-2023-жыллары репродуктив жастағы ҳаял-қызлар, ҳәмиледарлар ҳәм балаларға көрсетилетуғын медициналық жәрдем сапасын арттырыў ҳәм көлемин кеңейтиўге бағдарланған илажлар бағдарламасында белгиленген бир қатар ўазыйпалар өз ўақтында орынланбағанлығы, туўыў мәкемелери, «Ана ҳәм бала скрининг» орайларындағы материаллық-техникалық жағдай және оларда белгиленген санитариялық нормаларға әмел етилиўи, тараўға маман кадрларды тартыў, мәҳәллелерде ҳәр бир репродуктив жастағы ҳаялды «Ҳаял-қызлар мәсләҳәтханалары» ҳәм «Жас өспирим қызлар орайлары» тәрепинен хызмет көрсетилиўи бойынша қамтып алыў мәселесинде машқалалар бар екенлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, «Ана сүти менен азықландырыўды қоллап-қуўатлаў және нәрестелер ҳәм киши жастағы балалар азық-аўқат өнимлерине байланыслы талаплар ҳаққында»ғы нызамда белгиленген нормалардың толық орынланыўын тәмийинлеў және нәрестелер ҳәм киши жастағы балалар азық-аўқат өнимлерине болған ишки мүтәжликлерди қанаатландырыў талап дәрежесинде емес.
Көтерилген мәселелер бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм нәзерде тутылған режелер ҳаққында түсиник бериўди сорап, Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў бойынша Сенаттың қарары қабыл етилди.
Буннан кейин жеңил санаат ҳәм былғары санаат кәрханаларында ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықларын қорғаўдың жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде республика жеңил санаат системасында 7,4 мыңнан аслам кәрханада 360 мыңнан аслам пуқара жумыс ислейди. Олардың 70 процентинен асламын ҳаял-қызлар қурайды. 100 ден аслам ҳаял-қызлар ислейтуғын кәрханалардың саны 258. «Ўзчармсаноат» ассоциациясына ағза 13 кәрханада 50-100 ҳаял-қызлар жумыс алып барады.
Бул кәрханаларда хызметкерлерди бийпул азық-аўқат пенен тәмийинлеў, талап дәрежесиндеги мийнет шараятларын жаратыўға айрықша әҳмийет қаратылған.
Солай болса-да, жеңил санаат ҳәм былғары санаат системасы кәрханаларында жумыс бериўшилер тәрепинен ҳаял-қызлар ушын қолайлы, қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыўда нызам ҳүжжетлеринде белгиленген талаплардың бузылыўына жол қойылған.
Соның ишинде, Мийнет кодексиниң талапларына қайшы келетуғын тәризде жумыс бериўши ҳәм хызметкерлер арасында жәмийетлик шәртнама дүзилмеген. Үш жасқа шекемги перзенти болған ҳаял-қызларды жумысқа қабыл етилиўинде сынақ мүддетин қолланыў ҳәм оларға 1 саатқа қысқартылған жумыс күнин белгилемеў, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан аслам баласы бар ҳаял-қызларға ҳәр жылы үш жумыс күнинен кем болмаған мүддет пенен ҳақы төленетуғын қосымша дем алыс бермеў жағдайлары бақланған.
Буннан тысқары, хызметкерлерге жумыс дәўиринде олардың тилеги бойынша, жыллық дем алыстың ең аз мүддетинен (он бес жумыс күнинен) артықша бөлеги ушын ақшалай компенсация төлемеў, жәмийетлик шәртнамаларда хызметкерлерге улыўма жумыс стажына қарап қосымша дем алыслардың берилиўи белгиленген болса да, әмелде бул дем алыслар берилмеўи ҳәм ишки мийнет тәртип-интизам қағыйдалары ҳәм лаўазымлық инструкцияларын ислеп шықпаў жағдайларына жол қойылған.
Сондай-ақ, кәрхананың жумысшы-хызметкерлери дәслепки медициналық тексериўден өткерилген болса да, дәўирлик медициналық тексериўлер шөлкемлестирилмеген. Кәрхананың қаржылары есабынан ҳәмиледар ҳаял-қызларды медициналық мәкемелер (санаторийлер) ямаса кәрханаға тийисли санаторий-профилакторийда бийпул емлетиў жумыслары шөлкемлестирилмеген.
Кәрханадағы жумыс орынларын Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 15-сентябрьдеги 263-санлы қарары менен тастыйықланған Режеге муўапық аттестациядан өткермеў жағдайларына жол қойылған.
Нәтийжеде аўыр, қолайсыз, зыянлы ямаса қәўипли жумысларда бәнт болған ҳаял-қызларға нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жеңилликлер ҳәм компенсациялар белгиленбей, жумыс орынларында мийнет шараятларын қадағалаў талап дәрежесинде шөлкемлестирилмеген.
Сондай-ақ. хызметкерлер жумыс ушын зәрүр болған жеке тәртиптеги ҳәм жәмәәтлик қорғаў қураллары менен тәмийинленбеген.
Системада ҳаял-қызлар ушын зәрүр мийнет шараятларын жаратыў, олар мийнетти қорғаў мәселелери тек ғана жумыс бериўшиниң ықтыярында болғаны себепли Мийнет кодексинде белгиленген талаплар орынланбай қалған. Буның ақыбетинде кәрханаларда бахытсыз ҳәдийселер жүз берип, өлим жағдайлары да бақланған. Ҳаял-қызлар арасынан Мийнетти қорғаў бойынша ўәкил сайланбаған.
Буннан тысқары, ҳаял-қызлар ушын зәрүр мийнет шараятларын жаратыў, мийнетин қорғаўда нызам ҳүжжетлериниң орынланыўына жуўапкер болған мәмлекетлик ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларының жумысы талап дәрежесинде емес.
Тараўларда ҳаял-қызлар ушын зәрүр мийнет шараятларын жаратыў мәселелеринде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, соның ишинде, халықаралық мийнет ҳуқық шөлкемлериниң имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм және бир қатар кемшиликлер анықланған.
Жоқарыдағыларды есапқа алып, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Коснтитуциялық нызамның 12-статьясы ҳәм «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына тийкарланып, Сенат тәрепинен жеңил санаат ҳәм былғары санааты кәрханаларында ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықларын қорғаўдың жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жиберилетуғын болды.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң 2020-жыл ҳәм 2021-жылдың өткен дәўириндеги жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.
Атап өтилгениндей, комитет нызамшылық жумысы шеңберинде халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң депутатлары ҳәм экспертлерди тартылған ҳалда 16 нызам ҳәм 24 мәселени дәслепки тәризде көрип шығып, Сенат жалпы мәжилисиниң додалаўына киргизген.
Қадағалаў-таллаў жумысы шеңберинде 13 илаж өткерилген. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў тараўындағы нызамлардың орынлардағы орынланыўы 7 рет, билимлендириў тараўы 5 рет, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының ашық-айдынлығы тараўы 1 рет үйренилген.
Буннан тысқары, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм халық билимлендириў министрлериниң мәлимлемелери тыңланған.
Сенатқа физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен мүрәжатлар, орынларда халық пенен ушырасыўлар ҳәм көшпели қабыллаўлар ҳәм социаллық тармақларда көтерилген мәселелер бойынша 3 парламентлик сораў жиберилген. Олардың нәтийжелери комитет ҳәм Сенаттың жалпы мәжилислеринде додаланған.
Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў шеңберинде ҳәзирги күнде айрықша әҳмийетке ийе болған «Онкологиялық кеселликлер профилактикасы, оларды емлеў процесслериндеги машқалалар ҳәм шешимлер» атамасында дөгерек сәўбет өткерилди. Илажда онкологиялық кеселликлерди ерте анықлаў, оларды емлеў процессиндеги машқалалар, онкология мәкемелерин маман қәнигелер менен тәмийинлеў, республикадағы онкологиялық кеселликлерди емлеўге қәнигелескен мәкемелерди заманагөй диагностика ҳәм емлеў әсбап-үскенелери менен үскенелеў дәрежеси сыяқлы мәселелер додаланды ҳәм ҳүкиметке тийисли усыныслар берилди.
Нызамлардың орынланыў жағдайы, ҳуқық қоллаў әмелиятын үйрениў ҳәм нызамасты ҳүжжетлердиң қабыл етилиўин үйрениў жумысы шеңберинде 5 нызамды енгизиўге қаратылған нызамасты ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи ҳәм әмелде қолланылыў жағдайы мониторинг етилип, нәтийжеси бойынша Сенат Кеңесиниң қарары қабыл етилген.
Пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў процесинде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен 19 581 жазба мүрәжат көрип шығылған, соннан 5 363 и Сенатқа келип түскен мүрәжатлар болып есапланады.
Қадағалаўға алынып жиберилген 2 582 мүрәжаттың 1 058 и (41 процент) унамлы шешилген. Қатнаслылығы бойынша тийисли шөлкемлерге жиберилген мүрәжатлардың 1 524 ине (59 процент) шөлкемлер тәрепинен түсиниклер берилген.
Сайлаўшыларды тәшўишке салып атығран машқалаларды терең үйрениў ҳәм олардың шешими бойынша зәрүр илажлар көриў мақсетинде 887 ушырасыў өткерилген. Комитеттиң ағзалары тәрепинен Сенат ҳәм орынларда жәми 4 075 пуқара қабыл етилген.
Сондай-ақ, тийисли аймақ ҳәм сайлаўшылардың мәплерине тийисли машқалаларды шешиў бағдарында парламентлик қадағалаўдың сенаторлық сораўы түринен нәтийжели пайдаланылмақта. Атап айтқанда, мүрәжат еткен физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мәплерине байланыслы мәселелер бойынша жәми 76 сенаторлық сораў жиберилген.
Нәтийжеде аймақларда халықты қыйнап киятырған мектепке шекемги ҳәм орта билимлендириў мәкемелерин оңлаў ҳәм жол қурылысына байланыслы машқалалар шешилген.
Сенат тәрепинен мақулланған нызамлардың мазмун-мәнисин жәмийетшиликке түсиндириў, пуқараларға мәмлекетлик бағдарламаларды орынлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат бериў мақсетинде телевидение, радио, социаллық тармақлар ҳәм баспа дәўирлик басылымларда 1 200 ге шамалас материал жәрияланған.
Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жигирма биринши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети