ФОТОФАКТ
Бүгин елимиз бойлап дерлик барлық аймақлардың орайларында ең бәлент шоққыларда желбиреп турға мәмлекетимиз байрағын көриўимиз мүмкин. Төменде ең бәлент орнатылған байрақлар ҳаққында мағлыўмат беремиз.
Ташкент қаласындағы ең үлкен байрақ 2018-жыл 16-июль күни «Халықлар дослығы» көркем өнер сарайы алдындағы сейил етиў орнында орнатылған болып, оның бийиклиги 65 метрди қурайды. Мәмлекетлик байрақтың узынлығы 20 метр, ени 10 метрден ибарат.
2019-жыл 20-мартта пайтахтымыздың Мырза Улығбек ҳәм Мақтумқулы көшелериниң кесилиспесинде орнатылған Мәмлекетлик байрақтың бийиклиги 57 метр.
2018-жылы Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 27 жыллық салтанатлары алдынан Нөкис қаласының орайында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары орнатылған еди. Байрақлардың бийиклиги 55 метрди қурайды.
Әндижанда бийикли 64 метрли арнаўлы сүтининиң шоққысына беккемленген байрақ Ески шәҳәр аймағындағы қыябанда орнатылған. Байрақтың узынлығы 14, ени 7,5 метр, салмағы болса 33 килограммнан ибарат.
Бухара қаласындағы «Фонтанлар майданы» паркине 2019-жыл 16-мартта 60 метр бийикликте узынлығы 16 метр, ени 8 метр болған мәмлекетлик байрағы орнатылды.
Самарқандта усындай үлкен байрақ 2018-жыл 7-декабрьде қаланың Көксарай майданында орнатылған. 60 метрли флагштоктағы бул байрақтың узынлығы 20 метр, ени 10 метр.
Сурхандәрья ўәлаятының орайы Термиз қаласы бойлап желбиреп турған байрақтың бийиклиги 32 метр, узынлығы 5, ени 3 метр.
Қашқадәрья ўәлаятының орайы Қаршы қаласында 2017-жылы 44 метр бийикликтеги флагштокқа орнатылған байрақтың көлеми 6,5 метрге 4,5 метр.
Наўайы қаласының Әлийшер Наўайы атындағы мәденият ҳәм дем алыў паркиндеги саўлатлы байрақ 2018-жылы орнатылған. Оның бийиклиги тутқыш ҳәм сүтини менен биргеликте 62,5 метр. Узынлығы 20, ени 10 метр.
Наманган ўәлаяты Косонсой районы орайындағы үлкен байрақ 2019-жылы орнатылған бәлентте желбирей баслаған байрақтың бийиклиги 60 метр.
2018-жылы ноябрьде Үргенш қаласының орайында жайласқан Әмир Темур атындағы дем алыў паркинде орнатылған Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағының бийиклиги 60 метр.
Ферғана ўәлаятында 2019-жылы мәмлекетимиздиң Конституциясы қабыл етилген сәне алдынан Ислам Кәримов атындағы театр-концерт сарайының қыябаны аймағында үлкен байрақ орнатылған еди.
Бул аймаққа бүгин елимиздеги ең үлкен саўлатлы, бийиклиги 67 метр, көлеми 20 метрге 10 метр болған мәмлекетлик байрақ көрк бағышлап тур.
2019-жылы 18-ноябрьде Жиззақ қаласының бас майданында 60 метрлик флагштокта мәмлекетлик байрақ желбирей баслады.
2019-жылы 22-августта Гүлистан қаласында да үлкен байрақ орнатылды. Оның бийиклиги 65 метр болып, узынлығы 20 метр, ени 10 метрден ибарат.
ӨзАның сүўретлери.