Усы жылдың 16-17-ноябрь күнлери Россия Федерациясының Москва қаласында болып өткен «Өзбекстан-Россия билимлендириў форумы»  еки мәмлекеттиң жоқары оқыў орынлары арасында илимий ҳәм қәнигелер таярлаўдағы бирге ислесиўди беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе болды.

Дерлик 100 ден аслам жоқары оқыў орны арасында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов та қатнасып, келешекте Россияның бир қатар жетекши оқыў орынлары менен бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барды.

Атап айтқанда, Томск мәмлекетлик университети, Донск мәмлекетлик техника университети, Қазан федераллық университети басшылары менен усындай келисимлерге ерисилди Бунда қәнигелер таярлаўда бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, жоқары оқыў орынлары арасында профессор-оқытыўшылыр ҳәм студентлер алмасыўы, биргеликте илимий ҳәм оқыў қолланбаларын жаратыў, биргеликтеги илимий-изертлеў жумысларын алып барыў нәзерде тутылмақта

Форумның өткерилиўи Президентимиз тәрепинен соңғы бес жыл даўамында жоқары билимлендириўди раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжеси десек асыра айтқан болмаймыз, -дейди ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов. Бул байланыслар келешекте елимиздеги жоқары оқыў орынларында билимлендириў бағдарламалары бойынша халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге, оқыў процесслерине инновацияларды алып кириўге, қәнигелер таярлаўда жаңа жойбарларды әмелге асырыўға хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги