Пандемия дәўиринде Россияда қалып кеткен ўатанласларымызға мәмлекетимизге қайтыўында қолайлық жаратыў мақсетинде арнаўлы ре   йслер жолға қойылады.

Оған бола, «Волжский-Ташкент» жөнелисинде 483-санлы жолаўшы поездының 5 арнаўлы рейсиниң ҳәрекет етиўи нәзерде тутылмақта.

Бул ҳаққында «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети хабар берди.

Бул поездлар 2021-жыл 15, 19, 22, 26, 29-ноябрь күнлери саат 20:57 де «Волжский-Ташкент» жөнелисинде ҳәрекетин әмелге асырады. Поездларға тек ғана бир тәрепке, яғный «Волжский-Ташкент» жөнелисине билетлер сатылады. Билетлерди электрон тәризде де сатыў жолға қойылған. Россиядағы ўатанласларымыздың жақынлары Өзбекстанда турып, олардың шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетиниң нусқасы менен «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң веб-сайты арқалы е-ticket.railway.uz да билетлерди электрон тәризде сатып алып, жибериўи де мүмкин.

 

Мафтуна КАРИМОВА, ӨзА