10-ноябрь күни Түркияның Стамбул қаласында Түркий тиллес мәмлекетлер Саўда-санаат палатасының Бас Ассамблеясының мәжилиси ҳәм Түркий тиллес мәмлекетлердиң бизнес форумы болып өтти.

Бас Ассамблея мәжилисинде Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесине ағза мәмлекетлер арасында саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары додаланды.

Илажда Түркий тиллес мәмлекетлер Саўда-санаат палатасы, Түркия саўда палаталары ҳәм товар биржаларының баслығы Мустафо Рифат Ҳисоржиқли улы шығып сөйлеп, халықаралық мәселелер бойынша қатнасыўшы мәмлекетлер позицияларының жақынлығы стратегиялық ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыў ушын тийкар болып хызмет етип атырғанын атап өтти.

Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң бас хаткери Б.Амреев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ағза мәмлекетлер әмелге асырып атырған жумысларға айрықша әҳмийет берди. Оның нәтийжесинде Түркий мәмлекетлер Саўда-санаат палатасының ағзалары өзлерин бизнес бирге ислесиўиниң муўапықластырыўшы механизми сыпатында усыныс етип атырғанын атап өтти.

Илажда қатнасыўшы мәмлекетлер – Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия ҳәм Өзбекстан саўда-санаат палаталарының баслықлары да шығып сөйледи.

 

Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы Адҳам Икромов пандемияға қарамастан, Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңеси мәмлекетлериниң саўда-санаат палаталары менен өз-ара бирге ислесиў бойынша жеделе жумыслар даўам етип атырғанын атап өтти.

Илажда Өзбекстан тәрепи шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында товар алмасыў көлемин арттырыў мақсетинде экспорт етиўши компанияларға бажыхана жеңилликлерин бериў, мәмлекетлер арасындағы саўда илажларын әпиўайыластырыў арқалы сыртқы базарларға шығыў ушын зәрүр шараятлар жаратыўды усыныс етти.

Соның менен бирге, Адҳам Икромов шерик мәмлекетлер саўда-санаат палаталары ҳәм бизнес структураларының ролин арттыратуғын саўда-экономикалық, финанслық ҳәм техникалық, транспорт-коммуникация ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, мәмлекетлердиң кәрханалары арасында жүзеге келетуғын келиспеўшиликлерди шешиўде оператив ҳәм нәтийжели жәрдем көрсетиў ушын халықаралық арбитраж институтынан пайдаланыў усыныс етилди. Билимлендириў тараўында бирге ислесиўди және де күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Илаж қатнасыўшылары Түркия Экономика ҳәм технология университетиниң Ташкент филиалы шөлкемлестирилгени табыслы биргеликтеги жойбар болғанын атап өтти.

Күнниң екинши ярымында Түркий тиллес мәмлекетлердиң бизнес форумы болып өтти. Онда Түркий кеңеске ағза мәмлекетлерден мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилермен топарларының ўәкиллери қатнасты.

Делегациялардың басшылары қатнасыўшы мәмлекетлер арасындағы көп қырлы бирге ислесиўдиң жоқары дәрежесин атап өтти. Сондай-ақ, биргеликтеги инвестициялық жойбарлардың көбейиўи ҳәм узақ мүддетли саўда қатнасықларын жолға қойыўдың исенимли динамикасы атап өтилди.

Ағымдағы экономикалық потенциал бирге ислесиўди және де раўажландырыў, анық келисимлерге ерисиў ушын тийкарғы бағдарлар бойынша пикир ҳәм жойбар усынысларын алмасыў ушын тийкар жарататуғыны мәлим етилди.

Форум шеңберинде исбилермен топарлары ўәкиллериниң В2В форматындағы ушырасыўлары өткерилди.

Өзбекстаннан бул илажда 50 ге шамалас тармақ бирлеспелериниң ўәкиллери ҳәм исбилерменлер қатнасты. Түркий кеңеске ағза мәмлекетлер менен регионлараралық бирге ислесиўди жолға қойыў мақсетинде бизнес форумда Әндижан, Бухара, Жиззақ, Самарқанд, Сурхандәрья, Сырдәрья, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятлары, сондай-ақ, Ташкент қаласынан исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнасты.

 

ӨзА