Жәҳән баспасөзи Өзбекстан ҳаққында
Пакистанның «The National Herald Tribune» газетасы Өзбекстан турмысына байланыслы әҳмийетли ўазыйпаларды турақлы сәўелелендирип барады. 2019-жылы ӨзА усы газета редакциясы менен ишки ҳәм халықаралық турмыстағы әҳмийетли ўақыялар ҳаққында мәлимлеме алмасыў ҳаққында меморандумға қол қойылған еди.
Бул бирге ислесиў избе-аз даўам етип келмекте.
«The National Herald Tribune» газетасы 2021-жыл 10-ноябрьдеги санында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 8-ноябрь күни мәмлекетлик мүлк объектлерин меншиклестириў бойынша өткерген мәжилиси ҳаққында хабар басып шығарды.
Онда атап өтилиўинше, Өзбекстан экономикасында мәмлекеттиң қатнасы әсте-ақырын азайып, жеке меншик сектордың үлеси динамикалық түрде өсип бармақта. 2021-2022-жыллары мәмлекетлик үлеске ийе кәрханалар санын кеминде 3 есеге қысқартыў режелестирилген. Усы жылы 4 триллион 500 миллиард 619 мәмлекетлик актив сатылған.
Газета Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына кирисиў мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетлик кәрханаларды меншиклестириўди жеделлестириў экономикалық реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири болатуғынын атап өткенине итибар қаратқан.
Соның ушын, мақалада меншиклестириўдиң жаңа усылларын енгизиў, меншиклестирилген кәрханалардың финанслық турақлылығы ҳәм инвестициялық тартымлылығын арттырыў, оның барлық басқышында ашық-айдынлықты тәмийинлеў тийкарғы мәселе екенине итибар берген.
Газета хабарында, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик кәрханаларға стратегиялық инвесторларды тек ғана бар қуўатлықлардан пайдаланған ҳалда тартыў емес, ал кәрханалардың жумысын кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өткен. Булардың қатарына төмендегилер киреди:
– «Наўайыазот» акционерлик жәмийети тийкарында үш айрықша кәрхана шөлкемлестирилген жағдайда химия санаатының кластерин шөлкемлестириў;
– кластер инфраструктурасын басқарыў ушын тәжирийбели меншик операторларды жумысқа алыў;
– инвесторлар инвестиция киргизиў менен бирге жаңа жойбарларды усыныс етиўи;
– заманагөй билимлер ҳәм технологияларды енгизиў.
«Белгиленген ўазыйпаларды есапқа алған ҳалда, жуўапкер пуқараларға 2022-жылға мөлшерленген меншиклестириў бағдарламасын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды»,-деп хабар береди «The National Herald Tribune».
Улуғбек Маҳмирзаев таярлады,
ӨзА