Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Россия Қурылыс министрлигиниң келисимине тийкарланып қурылыс тараўында  Өзбекстан пуқараларын Россия Федерациясына тартыў бойынша пилот жойбар шеңберинде  10 мың ўатанласымызды жақын ўақыт даўамында әпиўайыластырылған тәртипте жумысқа жибериў белгиленген.

2-ноябрь күни Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен Нөкис қаласындағы «Жумысқа мәрҳәмат» моноорайында сырт елде ислеў тилегинде болған пуқаралар ушын Россия Федерациясының «СтройКрафт» ҳәм «Ренейссанс Хэви Индастрис» компанияларындағы вентиляция системасын орнатыў, сантехник, электр кепсерлеўши, электрик, безеўши ҳәм жәрдемши сыяқлы бағдарларда бос жумыс орынлары бойынша таңлаў өткерилди.

Қурылыс тараўында жумыс ислеў ушын Өзбекстан Республикасы пуқараларын Россия Федерациясына тартыў бойынша пилот жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген таңлаўда сырт елге шығыў паспортына ийе талабанлар кәсиплик тәжирийбе ҳәм тил дәрежесине бола сәўбетлесиў тийкарында жумыс бериўши ўәкиллери тәрепинен таңлап алынды.

Таңлаўдан табыслы өтип, медициналық тексериў нәтийжелери унамлы шыққан пуқаралар усы мәмлекетке ислеў ушын жибериледи.

Сондай-ақ, Россияның басқа кәрханалары ушын да таңлаўлар шөлкемлестирилиўи режелестирилген.

 

ӨзА