Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўи шеңберинде «Орайлық Азияда турақлы раўажланыў ҳәм ҳаял-қызлар жетекшилиги» темасында регионаллық конференция шөлкемлестирилди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева, мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Гулнора Маруфова, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска және бир қатар халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Конференция даўамында Орайлық Азияда Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў процеси додаланды. Атап айтқанда, 2030-жылға шекемги Турақлы раўажланыў күн тәртиби шеңберинде гендер мәселелери бойынша ТРМға ерисиўге регионаллық қатнасты ислеп шығыў перспективалары көрип шығылды.
Сөйлесиў процесинде билдирилген пикир-усыныслар тийкарында Орайлық Азияда турақлы раўажланыў, гендер теңлиги ҳәм ҳаял-қызлар жетекшилиги бойынша регионаллық ҳәрекетлер режеси ислеп шығылды.
Н.УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы