Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлигине Уллы Британия парламентиниң жоқары палатасы (Лордлар палатасы)ның ағзасы Баронесса Елисон Сатти ҳәм Глобаллық бирге ислесиў басқармасы бағдарламасының баслығы Зафран Иқбал келди. Ушырасыўда жаслар тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм жаңа қоспа жойбарларды додалаўға итибар қаратылды.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлигиниң директоры Алишер Саъдуллаев, директордың орынбасарлары Фаррух Омонов ҳәм Дилнозахон Каттахонова қатнасты.

Сөйлесиў алдынан Баронесса Сатти Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўларына тоқтап өтип, бул сиясий илаж жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин атап өтти. Сондай-ақ, Уллы Британия тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда, Олий Мажлис жанында шөлкемлестирилген Жаслар парламентлери менен бирге ислесиў байланысларын орнатыў, Инсан ҳуқықлары бойынша Парламент комиссиясы менен өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойыў, Глобаллық бирге ислесиў басқармасының жойбары шеңберинде бир неше жойбарларды әмелге асырыў мәселелери оғада әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў даўамында Жаслар ислери агентлигиниң директоры Алишер Саъдуллаев Өзбекстан Республикасында кейинги жылларда жаслар сиясаты тараўында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берип өтти.

Сөйлесиў даўамында еки тәреплеме жаслардың сапалы билим алыўы, кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, түрли тараўларда жасларға жаратылып атырған имканиятлар, жаслар машқалаларын анықлаўға қаратылған илажлар ҳәм изертлеўлер, ҳаял-қызлардың билим алыўы ҳәм кәсиплик көнликпесине ийе болыўы сыяқлы мәселелер бойынша өз-ара пикир алысты.

Баронесса Сатти өзиниң шығып сөйлеген сөзиниң жуўмағында Жаслар ислери агентлиги ўәкиллерин Уллы Британияға барып, олардың тәжирийбелери ҳәм жаслар шөлкемлери менен бирге ислесиў байланысларын орнатыў усынысын алға қойды. Өз гезегинде, Жаслар ислери агентлиги тәрепинен келешекте бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған усыныслар билдирилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы