Қарақалпақстан Республикасында жайласқан 220 кВ күшлениўли «Беруний» подстанциясында «Қарақалпақстан магистрал электр тармақлары» филиалының инженер қәнигелери тәрепинен электр энергиясына болған талаптың артыўына байланыслы жобадағы оңлаў, қурылыс-монтаж жумыслары алып барылмақта. Бул ҳаққында Энергетика министрлиги хабар берди.

Усы подстанциядағы қуўатлылығы 125 МВА болған АТ-1 трансформаторы Қарақалпақстан Республикасының үш районы – Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларын электр энергиясы менен турақлы тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болып табылады.

2021-жылға шекем 220 кВлық «Беруний» подстанциясында 90 проценттен жоқары жүклеме менен ислеп атырған 1 дана 125 МВАлық АТ-1 трансформаторы болған. Оның қасына қуўатлылығы 125 МВА болған АТ-2 – екинши трансформатор орнатылып, АТ-1 трансформаторының жүклемеси нормаға келтирилди. Бул болса электр тәмийнаты бойынша жобаластырылған көрсеткишлерди орынлаў имканиятын берди.

Буның нәтийжесинде Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларында гүз-қыс мәўсимлериндеги электр тәмийнатында жүз бериўи мүмкин болған шеклеўлердиң алды алынды. Жумыс ислеп турған өндирислик кәрханалардың қуўатлылығының артыўы нәтийжесинде электр тәмийнаты беккемлениўиниң артыўына ерисилди.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.