Ҳәзирги ўақытта 2022-жылдың өними ушын егилген бийдай майданларында егинлердиң жағдайын есапқа алған ҳалда жапырағынан азықландырыў агротехникалық илажлардың әҳмийетли басқышы болып есапланады. Оны қысқа мүддетте, сапалы әмелге асырыў ғәлледен жоқары ҳәм сапалы дән өнимин алыўға мүмкиншилик жаратады.

Республикамыздың барлық районларында он күн даўамында Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы А.Юлдашев, Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министри З.Зиядуллаев ҳәм басқа да тийисли мәкеме басшыларының, фермерлердиң қатнасыўында усындай агротехникалық илажлардың ең тийкарғыларының бири суспензия себиў мәселелерине бағышланған семинарлар өткерилди.

– Гүзги бийдай егинлерин тәрбиялаўда олардың жағдайы, яғный, 1м2 майдандағы нәллериниң саны үлкен әҳмийетке ийе,-дейди Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы системасында Нормативлик ҳүжжетлердиң орынланыўын қадағалаў, сертификатлаў ҳәм метрология бөлиминиң бас инспекторы А.Қозиев. – Гүзги бийдайдың бөртип шығыў фазасының даўамлылығы 25-30 күнди қурайды.

Усы қысқа дәўирде бийдай өсимлиги барлық өсиў дәўиринде топлайтуғын қурғақ элементтиң 50-60 процентин топлайды. Бул ўақытта ығаллылық ҳәм азықлық элементлериниң жетиспеўшилиги өнимдарлыққа унамсыз тәсир көрсетеди.

Суспензия себилгенде өсимликтиң жапырақлары қалыңласады, кеселликлер менен зыянкеслерге шыдамлылығы артады. Усы әҳмийетли агротехникалық илаж минерал төгинлердиң нәтийжелилигин 6-8 есеге арттырады. Өсимликтиң суўға болған талабын 20-25 процентке азайтыў мүмкиншилигин береди. Нәтийжеде, дәнниң салмағы артады, өнимдарлық 4-5 центнерге артқаны себепли дәнниң технологиялық сапа көрсеткишлери жақсыланады.

Бийдай қайта исленгенде химиялық препаратларды ерте таңда ямаса кешки салқында берип атырғанда ҳаўа ашық, жыллылық 18-250 әтирапында, ығаллылық 65 проценттен аз болмаўы керек болады. Бунда самалдың тезлиги секундына 3 м/с.тан аспаўына итибар қаратыў зәрүр.

Семинарларда қатнасыўшыларға ғәлле майданларына суспензия себиў бойынша жоқарыда көрсетилген мағлыўматлар ҳәм усыныслар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги