Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен усы жылдың 20-сентябринен 5-октябрине шекем «Әҳмийетли он бес күнлик» жәрияланған еди.

Бундағы мақсет – республика аймақларында жетистирилип атырған әнар ҳәм қурма мийўелери тез күнлерде писип жетилисиўин ҳәм экспорт етиў процесслериниң басланыўына байланыслы бағларға күшли зыян тийгизип, экспорт көрсеткишлериниң азайыўына себепши болатуғын «Комсток қурты» ҳәм «Әнар мийўехоры» зыянкеслерине қарсы комплексли гүрести шөлкемлестириў, сондай-ақ, бул туўралы кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыў болып есапланады.

Агентликтиң Нөкис районлық бөлими тәрепинен дийқан-фермер хожалықларының қатнасыўында семинар өткерилди.  Онда сөзге шыққанлар комсток қурты ҳәм әнар мийўехоры және кыслаўға кететуғын басқа да зыянкеслер менен кеселликлерге комплексли түрде қарсы гүресиў илажларын өткериў бойынша усынысларын ҳәм мәсләҳәтлерин берди. Сондай-ақ, семинар даўамында мийўели тереклерге дузақ-белбеўлерди байлаў усылы көрсетилип, оның зыянкеслерди анықлаўдағы абзаллығы түсиндирилди.

– Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасында жетистирилип атырған әнар мийўелери қәўипли зыянкес есапланған әнар мийўехоры зыянкесинен күшли зыянланбақта,-дейди Қарақалпақстан Республиксы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги Нөкис районы инспекторы Аманбай Айтбаев. – Бул болса, республикамызда жетистирилип атырған әнар мийўелериниң экспортқа шыдамлылығын төменлетип жибермекте. Сонлықтан, бул зыянкеске қарсы гүрес илажларын кешиктирмей алып барыў зәрүр болады.

Агротехникалық усылда гүзде жапырақларды топлап жағып жибериў яки көмиў, терек әтирапларын тазалаў, түскен мийўелерди терип алыў ҳәм теректиң төменги тәрепин ҳәклеў нәтийже береди. Биологиялық усылда болса, әнар мийўехорына қарсы трихограмма, бракон, алтынкөз биологиялық өнимлерин атызға шығарыў нәтийжели усыллардан саналады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги