Ҳәзирги ўақытта орынларда сиясий партиялар тәрепинен усы жыл 24-октябрь күни өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына байланыслы үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша исенимли ўәкили Абат Данияров Төрткүл районы ҳәкимлигинде сайлаўшылар менен ушырасты.
Ушырасыўда исенимли ўәкил талабанның өмирбаяны, жумыслары, сайлаўалды бағдарламасы менен таныстырып өтип, өткен бес жыл даўамында раўажланыўдың пүткиллей жаңа басқышын баслап берген тарийхый ҳүжжет – Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде үлкен жумыслар әмелге асырылғанын мысаллар менен атап өтти.
Ушырасыўда райондағы тараў ўәкиллери, мийнет ветеранлары ҳәм белсенди жаслардың сайлаў бойынша пикир-усыныслары тыңланды.
– Талабанның сайлаўалды бағдарламасындағы бесинши бағдарында халық арасында кең тарқалған жүрек-қан-тамыр, эндокрин, бүйрек жетиспеўшилиги ҳәм онкологиялық кеселликлерди азайтыў мақсетинде айрықша бағдарламалардың қабыл етилиўи, майыплығы болған ул-қызларымызды саламатландырыў ушын Республика балалар медициналық реабилитация орайы ҳәм оның филиалларының шөлкемлестирилиўи халықтың саламатлығын беккемлеўге, халық арасында кеселликти азайтыўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли,-дейди Реабилитация бөлими директоры З.Ходжаниязова.
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасы бойынша исенимли ўәкили Абат Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы Елликқала ҳәм Беруний районларында да болып өтти.
– Өткен бес жыл даўамында мәмлекетимизде экономиканың локомативи болған исбилерменликти раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта,-дейди «Бостан Мега текстиль» ЖШЖ баслығы Ж.Жаббаров. –Исбилерменликти кеңнен раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли ўазыйпасы дәрежесине көтерилди.
Мен Президент сайлаўында өзим мүнәсип деп есаплаған талабан ушын даўыс беремен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги