ӨзЛиДеП Қарақалпақстан  Республикалық  Кеңеси тәрепинен мәмлекетимиз басшысының «Жаңа Өзбекстан стратегиясы» китабының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке  түсиндириў мақсетинде  «Президент сайлаўында жаслардың белсендилигин арттырыў» атамасында  Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студент-жаслар менен ушырасыў өткерилди.

Онда партияның  Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң хызметкерлери,  институт студентлери  ҳәм  ғалаба  хабар  қураллары хызметкерлери қатнасты.

Ушырасыўда кейинги жылларда мәмлекетимизде  ҳуқықый-демократиялық жәмийет қурыў, елимиз экономикасын жоқары дәрежеге көтериў, халықтың  турмыс абаданлығын жақсылаў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылғаны атап  өтилди.

«Жаңа Өзбекстан стратегиясы» китабында Жаңа Өзбекстанды ҳәм Үшинши Ренессанс  тырнағын қалаўда әмелге асырылып атырған  түпкиликли өзгерислер ҳәм  реформалардың мақсети, мазмун-мәниси, тийкарғы  бағдарлары, миллий раўажланыўымыз ҳаккында  пикирлер орын алған.

Китап халқымыздың  Жаңа  Ояныў дәўири тийкарларын жаратыўға байланыслы ийгиликли нийетлер, умтылыслар, оларды әмелге асырыў бағдарында ең тийкарғы ўазыйпаларды додалаўда хызмет етеди.

Ушырасыўда жаслар бул китаптың мазмун-мәниси, оның ҳәр бөлими бойынша кең түрде түсиниклер алды.

Буннан  тысқары усы жыл 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан  Республикасы Президенти сайлаўында жаслардың белсендилигин арттырыў, әсиресе,  биринши мәрте даўыс беретуғын жасларға болажақ сайлаўлардың әҳмийети, Сайлаў кодексине киргизилген өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында толық  мағлыўматлар берилди.

Ушырасыў даўамында жаслар сайлаўға байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги