Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен биргеликте «Мениң даўысым – Ўатанымыз келешеги!» сүрени астында мәмлекетимиз турмысындағы әҳмийетли сиясий процесс алдынан сайлаў нызамшылығы бойынша бажыхана хызметкерлери менен дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Атап өтилгениндей, усы жыл 24-октябрьде өткерилиўи режелестирилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы дәслепки мәрте Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодекси тийкарында өткериледи. Онда конституциялық қағыйдалар ҳәм халықаралық сайлаў стандартларына муўапық Өзбекстан Республикасы Президенти дәўирлик принципи тийкарында сайланыўы тәмийинленеди.

Қатнасыўшыларға Сайлаў кодекси ҳәм оған киргизилген өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында толық түсиниклер берилди. Ҳәр бир сайлаўшы өзи даўыс берип атырған талабаны ҳаққында толық мағлыўматларға ийе болыўы, сайлаўда қатнасыў тәртибин билиўи ҳәм шаңарақ ағзаларына да жеткериўи, сайлаў процесслерине жуўапкершилик пенен қатнаста болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Илажда бажыхана хызметкерлерине орынларда шөлкемлестирилген сайлаў участкалары ҳәм сайлаў округлери ҳаққында мағлыўматлар, сайлаўды өткериў тәртиби туўралы түсиниклер берилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги