Нөкис қаласында 17-сентябрь күни II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалының ашылыў мәресими болып өтти.

Илажда мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, жәмийетшилик ўәкиллери, көркем өнер ықласбентлери, сырт елли мийманлар қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалы қатнасыўшыларына қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, туризм ҳәм спорт министри Азиз Абдуҳакимов оқып еситтирди.

Әсирлер бойы өз әҳмийетин жойытпай бизге шекем жетип келген халық дөретиўшилигиниң үлгилери, дәстанлар, термелер, әпсана ҳәм естеликлерде ата-бабаларымыздың жақсы арзыў-нийетлери, инсаныйлық идеялары, турмыслық көзқараслары өз сәўлелениўин тапқан. Жаңа Өзбекстанды қурыўда миллий қәдириятларымызға қаратылып атырған итибар негизинде бийбаҳа мәдений мийрасымызды қәстерлеп сақлаў, оны үгит-нәсиятлаў, жасларда ҳүрмет сезимлерин оятыў мақсети жәмленген. Бул тәреплер мақам, бақсышылық, өнерментшилик фестивальларының тымсалында турмысымыздан барған сайын терең орын ийелемекте.

Бақсышылық – поэзия, музыка, атқарыўшылық шеберлигин өзинде жәмлеген бийбаҳа көркем өнер. Ески дәстанларымыз оғада узақ өтмишке барып тақалатуғыны ҳаққында тарийхый дәреклер, соның менен бирге, Маҳмуд Қашғарий, Әлийшер Наўайы сыяқлы ағартыўшылардың шығармаларында көплеген дәлийллер бар. Бақсышылық көркем өнери халық аўызеки дөретиўшилигиниң түрли формалары – сөз ойынлары ҳәм қашырымлар, халық нақыл-мақалларынан ақылға уғрас пайдаланыўға тийкарланады. Тыңлаўшыны өзине қарататуғын ҳаўаз дәстанды тартымлы ҳәм қызықлы етеди. Бул болса бақсылардан үлкен талант. күшли шеберлик ҳәм еслеў қәбилетин, турақлы шынығыўды талап етеди.

Бақсыларымыз мийрасы оғада бай ҳәм рәң бәрең. Мәселен, Полкан шайыр жетпистен аслам дәстанды ядтан билген. Ҳәр бир дәстан он-он бес, ҳәттеки, жигирма қатарға шекем қосықты да өз ишине алатуғынын есапқа алсақ, халық бақсыларының таң қаларлық ядлаўы ҳәм есте сақлаў қәбилети, атқарыў қүдирети өз-өзинен белгили болады.

Бала бақсы Абдуллаев, Шоберди Болтаев, Абдуназар Поёнов, Боборайим Маматмуродов, Қара бақсы, Абдуқаҳҳор ҳәм Абдумурод Раҳимов, Шомурод Тоғаев, Зиёдулла Исломов, Норбек Абдуллаев, Қаландар Норметов, Қодир Раҳимов сыяқлы бақсыларымыз бақсышылық көркем өнериниң раўажланыўына мүнәсип үлес қосты. Қашқадәрья, Сурхандәрья, Самарқанд, Хорезм ҳәм Қарақалпақстанда бақсышылық көркем өнери раўажланған. Ҳәзирги күнде Булунғур, Шахрисабз, Қамай, Чироқчи, Дийқанабад, Шерабад, Байсун, Хорезм ҳәм Қарақалпақ дәстәншылық мектеплери бийтәкирар атқарыўшылығы менен ажыралып турады. «Алпамыс», «Гөруғлының туўылыўы», «Равшан», «Кунтуғмиш», «Рустамхан», «Ғәрип ашық ҳәм Шахсәнем», «Әўезхан» сыяқлы онлаған дәстанлар халықтың руўхын, оның терең мәнәўиятын өзинде сәўлелендиреди.

Нөкисте өтип атырған II Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалында 22 мәмлекеттен 100 ден аслам бақсы, ақын ҳәм жыраўлар, көркем өнер топарлары қатнаспақта. Сондай-ақ, мәмлекетимиздиң барлық аймағынан келген атқарыўшылар өз көркем өнерин көрсетип атыр.

Илаж шеңберинде «Бақсышылық көркем өнериниң» дүнья жүзи мәденияты цивилизациясында тутқан орны» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтеди. Фестиваль қатнасыўшылары ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Халық ушын» миллий операсын көрсетиў ҳәм Мойнақ районындағы мәдений мийрас объектлерине экскурсиялар шөлкемлестириледи.

… Нөкистеги сахнада түрли мәмлекетлердиң байрақлары желбирейди. Бақсы-ақынлардың  атқарыўында халықларға тән ҳаўазлар жаңлайды. Көркем өнер ғайраткерлери ҳәм атқарыўшы жаслар концертке және де заўық бағышлайды.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы