Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде «Халықтың машқалаларын анықлаў ҳәм оларды сапластырыўда социаллық бағдарлама («Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери»)лар ҳәм «мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасының әҳмийети» темасында журналистлер менен блогерлер ушын баспасөз конференциясы болып өтти.

Конференцияда Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Раҳмат Маматов, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Сағындық Турмановлар тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелери туўралы мағлыўматлар берди.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған «Мәҳәлле кесиминде» ҳәм «Пуқара кесиминде» ислесиў усыллары халықтың мүрәжатларын шешиў ҳәм жәмийеттеги көплеген машқалаларды сапластырыўда ең нәтийжели жол екенин көрсетип турыпты.

Өзбекстан бойынша «Темир дәптер» системасы енгизилгеннен кейин, бүгинги күнге шекем 599529 шаңарақ усы дизимге киргизилген. Дәптерге киргизилген пуқаралардың машқалаларының сапластырылыўы нәтийжесинде 564612 шаңарақ «Темир дәптер»ден шығарылған. Ҳәзирги ўақытта «Темир дәптер»ге киргизилген 34 917 шаңараққа зүрүр жәрдемлер көрсетилмекте. «Ҳаял-қызлар дәптери» бойынша да жумыслар исленип, бул системаның биринши басқышы даўамында 251 мыңнан аслам социаллық  жәрдемге мүтәж жумыссыз ҳаял-қызлар турақлы дәрамат дәрегине ийе болды ҳәм 36697 бағыўшысын жоғалтқан ҳаялларға 27 миллиард 572 миллион сум муғдарында материаллық жәрдем берилди.

Быйылғы жылдың басынан бүгинги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасында аўыр турмыс шараятында жасап атырған 310 ҳаял-қызға, медициналық жәрдем бериў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлигин жолға қойыўда жәрдем көрсетилип, 210 ҳаял-қызға реабилитация үскенелери берилди.

Бирлескен Араб Әмирликлери «#ызыл ярым ай» жәмийети тәрепинен ажыратылған жәрдемлер тийкарында жәрдемге мүтәж 100 шаңараққа             100 дана печка ҳәм 400 дана ыссы көрпелер жеткерип берилди.

#арақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 5-май күнги қарары тийкарында «Сақаўат ҳәм көмек» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими есабынан «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 4000 шаңараққа 1 миллиард 500 мың сум муғдарында азық-аўқат өнимлери ҳәм басқа да усы сыяқлы 1500 шаңарақта қосымша дәрамат орайын жаратыў мақсетинде 1 миллиард 764 миллион сум муғдарындағы таўық ҳәм олардың 1 айлық жем өнимлери тарқатылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 12-апрельдеги 285-санлы қарары тийкарында #арақалпақстан Республикасында турақ жайға мүтәж аўыр шараятта жасап атырған ҳәм майыплығы болған 132 ҳаял-қызға ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры тәрепинен 2 миллиард 224 миллион 106 мың сум басланғыш төлем қаржылары төлеп берилди.

Баспасөз конференциясы қатнасыўшылары министрлерден «темир дәптер»лерге киргизилген пуқараларға жәрдем көрсетиў бағдарында ушырасып атырған айырым машқалалар бойынша пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги