Нигерияның Абуджа қаласында «Инсан ҳәм биосфера» бағдарламасының халықаралық муўапықластырыўшы кеңесиниң 33-сессиясы өткерилди.

Усы жылдың 13-сентябринде басланған кеңейтилген мәжилис ҳәм биосфера резерватлары ушын усынылған талабан аймақларды көрип шығыў сессияларының жумысында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, ЮНЕСКО ислери бойынша Өзбекстан Республикасы миллий комиссиясының баслығы Азиз Абдуҳакимов та онлайн тәризде қатнасты.

ЮНЕСКОның пүткил дүнья жүзи биосфера корықханаларының тармағына қосылыў ушын дүньяның бир қатар мәмлекетлери өз биосфера аймақларын усынған. Итибарлысы, усынылған жойбарлар арасында Өзбекстан тәрепинен жиберилген ҳүжжетлер, түрли экспонатлар ҳәм усыныслар тийкарында Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты аймағын ЮНЕСКОның Пүткил дүнья жүзи биосфера қорықханаларының тармағына киргизиў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Беруний ҳәм Әмиўдәрья районларында жайласқан биосфера резерваты болып, халық арасында «Бадай тоғай» атамасы менен белгили болған аймақ Орайлық Азия тоғайларының 20 проценти, Өзбекстандағы барлық тоғайлардың  74 процентин қурайды. Биосфера резерватының улыўма майданы 68717,8 гектарды қурайды. Бул жердеги өсимликлердиң 419 түринен 2 түри, ҳайўанлардың 36 түринен 1 түри, балықлардың 43 түринен 12 түри, қуслардың 246 түринен 23 түри «Қызыл китап»қа киргизилген.

Буннан тысқары, тәбияттың сийрек ушырасатуғын әжайыбаты болған бул жерде майда жәнликлердиң 1124 түри ушырасады. ЮНЕСКО ислери бойынша Өзбекстан Республикасы миллий комиссиясы баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, Нигерияда өткерилип атырған «Инсан ҳәм биосфера» бағдарламасының халықаралық муўапықластырыўшы кеңесиниң 33-сессиясында дүнья жүзиниң 30 дан аслам мәмлекет ўәкиллери тиккелей қатнасқан болса, 50 ге шамалас мәмлекетлердиң миллий комиссия жуўапкерлери онлайн тәризде қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги