Польша Мәмлекетлик хаткери, Миллий қәўипсизлик бюросының баслығы Павел Солох басшылығындағы делегация мәмлекетимизде болып тур.

14-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң аппараты ҳәм Польша Миллий қәўипсизлик бюросы арасында гезектеги мәсәләҳәтлесиў өткерилди.

Павел Солох ушырасыў алдынан Аўғанстандағы Польша ҳәм басқа да сырт ел пуқараларын эвакуациялаўды шөлкемлестириўде көрсетилген ҳәр тәреплеме жәрдем ушын Өзбекстан басшысына Польша Президенти Анжей Дуданың шын жүректен жоллаған миннетдаршылығын жеткерди.

Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстан менен Польша арасында қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективаларын додалады.

Мәсәләҳәтлесиў жуўмақлары бойынша 2021-2022-жылларда қәўипсизлик тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша «Жол картасы», 2021-2023-жылларда Қәўипсизлик кеңеси аппараты менен Польша Миллий қәўипсизлик бюросы арасында бирге ислесиў режеси, Еки тәреплеме мәсәләҳәтлесиў жуўмақлары бойынша протоколға қол қойылды.

Польша делегациясы сол күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Қорғаныў министрлиги ҳәм Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеў институтында да ушырасыўлар өткерди.

Сапар етиў шеңберинде мийманлар Ташкенттеги Рим-католик ширкеўин зыярат етти. Сондай-ақ, поляк армиясының генералы Владислав Андерстиң ҳүрметине орнатылған естеликке гүл қойыў мәресими де болып өтти.

 

Саидмурод РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы