Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде Өзбекстан ветеранларының социаллық белсендилигин қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры республикалық басқармасының қарарына муўапық жалғыз жасаўшы, өзгелер жәрдемине мүтәж, өмири даўамында өзиниң белсендилиги менен мәҳәллелерде үлги болып киятырған белсенди ата-апаларымызға «Нураный» қорының қаржылары есабынан 500000 сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиў бойынша илаж өткерилди.
Илаж даўамында кексе әўлад ўәкиллериниң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы социаллық белсендилигин арттырыў, мәҳәллелерде тынышлық, абаданлықты тәмийинлеў, шаңарақларда руўхый орталықты жақсылаў, өсип киятырған жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў жолындағы хызметлери ҳүрмет пенен атап өтилди.
Қала ҳәм район бөлимлеринде белсендилик пенен хызмет етип киятырған бир қатар кексе, нураный ата-апаларымызға 500000 сумнан пул ҳәм «Миннетдаршылық» хатлары тапсырылды.
Соның менен бирге, Қарақалпақстанда жәми 68 социаллық қорғаўға мүтәж кекселер ҳәм 76 белсенди нураныйлар бар. Оларға да 500 000 мың сумнан, жәми 72 миллион сум муғдарында материаллық жәрдем көрсетилиўи керек. Орынларда бул бойынша илажларды жоқары шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги