Фермер ҳәм дийқанларымыздың ерте бәҳәрден еткен мийнетлериниң нәтийжелери көринетуғын күнлер жақынласып қалды.
Пахта майданларын дефолиациялаў, пахтадан мол өним жетистириўдеги әҳмийетли агротехникалық илажлардан есапланады. Усы мақсетте 305 ОВХ бүркегишлер белгиленген дислокация орынларына жәмленип, олардың техникалық жағдайы көзден өткерилди. Техникалық қураллардың дерлик барлығына сапалы техникалық ҳәм сервис хызметлери көрсетилип, мәўсимге таярланды.
Быйылғы мапаз алдынан 68774 гектарға егилген пахта майданында дефолиациялаў жумыслары өз ўақтында ҳәм сапалы өткерилди.
Республикамызда пахтаның дефолиациясын шөлкемлестириў ҳәм оның қадағалаў жумысларын алып барыў мақсетинде эксперт комиссиялары шөлкемлестирилди,-дейди Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы системасында Нормативлик ҳүжжетлердиң орынланыўын қадағалаў, сертификатлаў ҳәм метрология бөлими бас инспекторы А.Қозиев. – Олардың тийкарғы ўазыйпасы – аймақлардың оптимал мүддетлеринен келип шығып, орынлардағы температура, пахтаның жетилиў дәўири, сорты ҳәм басқа да өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда ҳәр бир фермер хожалығы бойынша пахта дефолиациясын өткериў мүддетлерин белгилеўден ибарат.
Сондай-ақ, дефолиация илажларында қатнасатуғын техникалардың таярлығы, атызды таңлаў, арнаўлы еритпелерди таярлаў, дефолиантларды қолланыў нормаларына қойылатуғын талапларға бойсыныўы, санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етилиўи сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар да усы комиссия ағзаларына жүкленген.
Быйыл жетистирилетуғын өнимди зая етпей жыйнап алыў мақсетинде районларда жумыс ислеп турған 10 пахта-тоқымашылық кластери кәрханаларына қараслы 39 пахта қабыллаў пунктлериниң мәўсимге таярлық мәселеси Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен системалы түрде қадағалаўға алынған ҳалда мәўсимге таярлық жумыслары әмелге асырылды.
Атап айтқанда, мәўсимге таярлық көриў бойынша қабыл етилген реже-бағдарламаға муўапық, өрт өшириў қураллары, 169 комплект киши механизация қураллары сапалы түрде оңланып, 14 жабық қоймаханалар, 509 қырман майданшалары стандартлар тийкарында таярланды.
Пахта жыйын-теримин шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде 300 мыңнан аслам терим орыны, 4900ден аслам автожабыўлар, 30 мыңнан аслам қанар, қаплар терим мәўсимине таярлап қойылған.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги