Президент Шавкат Мирзиёев 31-август күни пайтахтымыздағы Шейитлер естелиги қыябанына барды.

Бул жерде жәмийетшилик ўатанымыз пидайылары, миллий ғәрезсизлик жолында қурбан болған ата-бабаларымыздың естелигин еске алыў ушын жыйналды. Қуран оқылып, өткенлер ҳаққына дуўа етилди. Халыққа ас тартылды.

Тоталитар режим дәўиринде елимиздиң азатлығы ушын гүрескен 100 мыңнан аслам ўатанласларымыз репрессияға ушыраған. Олардың қаншасы «халық душпаны» деген дөҳмет пенен аяўсыз атып тасланған. Және қаншасы сүргин етилип, азапларға дуўшар етилген. Шаңарақлары шайқалып, мүлклери тартып алынған. Бул қорқынышлы жынаяттан меҳрибан апаларымыз, аналарымыз да аман қалмаған. Мыңлаған ҳаяллар жесир, балалар жетим қалған.

Бул тек ғана олардың ата-бабалары емес, ал пүткил халқымыздың жүрегиндеги дәрт болып есапланады. Сол себепли арадан қанша ўақыт өтсе де, ҳәммемиз сол жаўызлық дәўирди қайғы менен еслеймиз.

2001-жылдан берли 31-август – «Репрессия қурбанларын еслеў күни» сыпатында белгиленип келинбекте. Ўатан пидайыларының өмири ҳәм мийрасын үйрениў, естелигин мәңгилестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Усы жылы Шейитлер естелиги қыябанында дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылды. «Репрессия қурбанларының естелиги» музейиниң имараты реконструкцияланды.

Мәмлекетимиз басшысы усы музейди кирип көрди. Ол жерде жаратылған шараятлар, тарийхый ҳүжжетлер менен танысты.

– Үлкен потенциалға ийе жетекшилер, илимпазлар. жазыўшылар, шыпакерлер, муғаллимлер репрессияға ушыраған. Олар халқымыздың ең қәлеўли ўәкиллери екени көринип тур. Тоталитар режимине миллетиң көзин ашатуғын, оған өзлигин танытатуғын зиялы инсанлар керек емес еди. Олардың айыбы – уллы болғаны, – деди Шавкат Мирзиёев.

Тилекке қарсы, усы ўақытқа шекем репрессия қурбанларының толық дизими қәлиплестирилмеген еди. 2020-жыл 8-октябрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Репрессия қурбанларының мийрасын және де терең үйрениў ҳәм олардың естелигин мәңгилестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы бийлиги қабыл етилди.

Тарийхшы илимпазлар тартылып, репрессия қурбаны болған барлық инсанларды анықлаў ҳәм исмлерин тиклеў бойынша үлкен жумыслар басланды. Сырт еллердеги архив ҳәм музейлер, китапхана ҳәм фондлар менен де бирге ислесиў жолға қойылып, илимий экспедициялар шөлкемлестирилмекте. Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Илимлер академиясы ҳәм басқа да шөлкемлердиң архивлеринен жаңадан мағлыўматлар табылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятларда репрессия қурбанларына бағышланған музейлер шөлкемлестирилди. Оларда рәсмий материаллар менен бирге шаңарақлық архивлерде сақланып қалған көплеген тарийхый ҳүжжетлер, сийрек гезлесетуғын сүўретлер топланбақта. Репрессия қурбанларының исмлери, олардың өмири ҳәм мийнет жолы ўәлаятлар, районлар кесиминде анықланбақта. Бул мағлыўматлар тийкарында көп томлық «Репрессия қурбанлары» китабы баспаға таярланып атыр.

Президентимиз бундай үлкен, илимий шығармалар менен бирге мектеп оқыўшылары ушын әпиўайы тилде, киши китаплар шығарыў зәрүр екенлигин атап өтти. Буның ушын Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда Тарийх институтының илимий хызметкерлерин бириктирип, ҳәр бир аймақтағы жадид ата-бабаларымыз, репрессия қурбанларының исмин тиклеп барыў бойынша көрсетпе берилди.

Мәмлекетимиз басшысы тарийхты үйрениў ҳәм үйретиў ўазыйпалары ҳаққында сөз етти.

– Биз усы ўақытқа шекем тарийхтың өзимизге унаған жерлерин алып, унамаған тәрепин жасырып өттик. Биреўге унай ма-унамай ма, мақтанышымыз ба-әрманымыз ба, табыс па ямаса қыянет пе – ҳәммесин әдил түрде жазыў керек, – деп атап өтти Президент.

Ҳақыйқатты тиклеў бағдарындағы және бир қәдем – усы жылы 25-август күни Өзбекстан Жоқары суды тәрепинен 115 репрессия қурбаны ақланды. Президентимиз бул қарарды қоллап-қуўатлады.

– Арадан дерлик жүз жыл өтип әдиллик тикленди. Миллий ғәрезсизлигимиз ушын гүрескен, бирақ ақланбай қалған 115 ата-бабамыздың пәк исмлери ақланды. Еле бундайлар қанша Ўатаншыл инсанлардың абырайын тиклеўге қаратылған ийгиликли жумысларды даўам еттириў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Қыябандағы рәмзий қәбир жанында нуранийлар, улама ҳәм зыялылар менен сәўбетлести. Мәмлекетимиз басшысы ата-бабалардың естелиги, бүгинги ғәрезсизлик ҳәм тынышлық қәдири ҳаққында сөз етти.

– Жадид ата-бабаларымыз елимизди азат етиўге, артта қалыўшылықтан алып шығып, барлық тараўларды раўажландырыўға барын бағышлаған. Буның есесин өз жанлары менен өтеген. Биз бүгинги ғәрезсизлик, тынышлық, еркинлик шараятында оларды еслеўимиз, қәдирлеўимиз ҳәм қарыз, ҳәм парыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Дүнья жүзинде болып атырған ўақыяларға сергек көз бенен қараў, тынышлық-парахатшылықтың қәдирине жетиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

– Барлық нәтийжелер, мине усындай байрамларымыз тынышлық себепли. Жумысларымыз, ибадатларымыз негизинде илим болыўы керек. Ислам цивилизациясы орайы, Ислам академиясы, Имам Бухарий ҳәм Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайларын шөлкемлестирдик. Уллы ҳәдис топлаўшы ҳәм ислам дини уламаларымыздың шығармалары басып шығарылмақта. Жаңа редакциядағы «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы нызам усы мәселелерге қаратылған. Имам-хатиплер, диний жәмийетшилик мәнаўиятты раўажландырыўға, мийрим-шәпәәтти беккемлеў, жасларға дурыс тәрбия бериўге буннан былай үлес қосады, деп исенемен, – деди Президент.

Алладан өткенлердиң руўхы шад болып, елимизге тынышлық ҳәм абаданлық тилеп дуўа етилди.

ӨзА