Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары Л.Қудратов Сербия Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң Мәмлекетлик хаткери Н.Старович пенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Өзбекстан – Сербия бирге ислесиўиниң саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт ҳәм логистика тараўларының ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.
Тәреплер саўда айланысын көбейтиў ҳәм еки мәмлекет арасында санаат кооперациясын раўажландырыў бойынша кейинги режелерди көрип шықты.
Қалаберди, еки мәмлекет арасында экономикалық тараўдағы шәртнамалық-ҳуқықый базаны раўажландырыў мақсетиндеги бирге ислесиўлер де атап өтилди. Тәреплер өз-ара хошаметлеў ҳәм инвестицияларды қорғаў, сондай-ақ, салыққа тартыўдың алдын алыў бойынша ҳүкиметлераралық келисимлердиң жойбарын таярлаўды баслаўға келисип алды.
Сөйлесиўлер жуўмағында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди күшейтиўге қаратылған жумысларды даўам еттириў бойынша пикир алысты.
Беҳруз ҲУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы