Усы жыл 27-август күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде республикамызда Ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы түрде шешиў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық комиссия тәрепинен өткерилип киятырған «Кәсиплик аўқамларының лауреаты», «Ең үлгили ҳаял жумыс бериўши», «Ең жақсы мәҳәлле баслығы» және «Ең жақсы сектор баслығы» таңлаўларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илажды Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жәлменов басқарып барды.
Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы байрамы менен қутлықлады ҳәм Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларды социаллық қорғаў, олардың машқалаларын сапластырыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Илажда атап өтилгениндей, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының басшылығында республикалық комиссия ҳәм оның қурамындағы жумысшы топар тәрепинен елимиздиң аймақларында «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында бир қатар жумысларды алып бармақта. Атап айтқанда, жумыссыз, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке оқытыў, үй қапталы қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланыўға көмеклесиў, кредитлер ажыратыў, майыплығы болған ҳаял-қызларға материаллық жәрдем көрсетиў, оларды турақ жай менен тәмийинлеў, турақ жайларын оңлап бериў ҳәм басқа да кең көлемли жумыслар алып барылды. Сондай-ақ, қарамағында бир ҳәм оннан көп биринши топар майып балалары болған жалғыз аналар, медициналық, ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар әмелий қоллап-қуўатланбақта.
Ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаўда мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилиги арттырылмақта. Бул ийгиликли ислерди әмелге асырыўда үлгили ҳәм турақлы жумыс алып барған жуўаплы хызметкерлерди хошаметлеп барыў жолға қойылды.
Халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлап және усындай шаңарақларға материаллық ҳәм бийғәрез жәрдем көрсетип, сондай-ақ, «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеп киятырған исбилермен ҳаял-қызларды хошаметлеў мақсетинде «Кәсиплик аўқамларының лауреаты», елимизде гендер сиясаты ҳәм жәмийетлик-сиясий турмыста ҳаял-қызлардың ролин арттырыўға қаратылған жумысларды үлгили шөлкемлестирген кәрханалардың ҳаял-қыз басшыларын хошаметлеў ҳәм жумыс бериўшилердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде «Ең үлгили ҳаял жумыс бериўши», аймақлары абат ҳәм тыныш болған пуқаралар жыйынларының баслықлары арасында «Ең жақсы мәҳәлле баслығы», машқалаларды «Мәҳәлле кесиминде», «Шаңарақ кесиминде» үйрениў, оларды шешиўге көмеклесиў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм ўәкилликли мәкеме және шөлкемлер арасында шерикликти беккемлеў, аймақларды комплексли раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Ең жақсы сектор баслығы» таңлаўлары жолға қойылды.
Илажда жеңимпазларға сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.
Елликқала районы 2-сектор аймағындағы «Ақшакөл» аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм Хожели районындағы 3-сектор аймағындағы «Жанқоңырат» мәкан пуқаралар жыйынының «Ҳаяллар мәсләҳәт кеңеси» жеңимпаз деп табылып, ҳәр бири диплом ҳәм 50 миллион сум ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды. «Ҳаяллар мәсләҳәт кеңеси» ағзаларына усы ақшалай сыйлық тапсырылды.
«Кәсиплик аўқамларының лауреаты» таңлаўында үшинши орынды Қараөзек районынан жеке тәртиптеги исбилермен Замира Утепбергенова, екинши орынды Беруний районынан жеке тәртиптеги исбилермен Роза Жуманазарова, биринши орынды Кегейли районындағы «Рус-Ислам-Султан» шаңарақлық кәрханасының баслығы Айжамал Раметова, «Ең үлгили ҳаял жумыс бериўши» таңлаўында үшинши орынды Шоманай районындағы «Шоманай-Шаменай» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Шахрибану Юсупбаева, екинши орынды Қоңырат районындағы «Үстирт гилемлери» өндирислик кәрханасының баслығы Гүлжайсан Сағынбаева, биринши орынды Әмиўдәрья районындағы «Тамара текстиль» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Тамара Юсупбаева ийеледи. Сондай-ақ, «Ең жақсы мәҳәлле баслығы» таңлаўында Қоңырат районындағы «Қоңырат» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Мариаш Уразалиева үшинши, Шымбай районындағы «Пашентаў» аўыл пуқаралар жыйының баслығы Азизбек Айтымбетов екинши, Нөкис қаласындағы «Сәрбиназ» мәкан пуқаралар жыйының баслығы Мадияр Аминов биринши, «Ең жақсы сектор баслығы» таңлаўында Бозатаў районының 4-сектор баслығы Жанибек Казбеков үшинши, Шоманай районындағы 3-сектор баслығы Полат Искендеров екинши, Қараөзек районындағы 1-сектор баслығы Узақберген Утамбетов биринши орынларды қолға киргизди.
Жеңимпазларға диплом ҳәм ақшалай сыйлық тапсырылды.
Таңлаўда биринши орынды ийелегенлер елимиз көлеминде өткерилетуғын басқышқа жоллама алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.