Бурын хабар еткенимиздей, усы жылдың 22 ҳәм 25-август күнлери аралығында Нөкис қаласында Өрт өшириў әмелий спорты бойынша Өзбекстан ашық бириншилиги болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги системасынан 19 команда 5 шәрт бойынша өз-ара беллести.
Жарыстың екинши күни 100 метр аралыққа тосықлар арасынан жуўырыў бойынша биринши орынды Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, екинши орынды Әндижан ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасы, үшинши орынды Бухара ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасы командалары ийеледи. Сондай-ақ, 100 метр аралыққа жуўырыў эстафетасында Қашқадәрья ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасы командасы бириншиликти қолға киргизди. Бунда екинши орын Хорезм ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасы, үшинши орын Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Академиясының командаларына несип етти. Ал, жаўынгерлик жайылыў жарысында Ташкент ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасы жеңимпаз болды.
Үш күн даўам еткен жарыс жуўмағында улыўма командалық есапта биринши орынды Бухара ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасы, екинши орынды Қашқадәрья ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасы, үшинши орынды Әндижан ўәлаяты Айрықша жағдайлар басқармасы командалары ийеледи.
Ашық бириншилик шеңберинде арнаўлы күш ислетиў шынығыўлары (кросс-фит) жарысы өткерилди. Онда 18 командадан 90 спортшы қатнасты. Нәтийжеде биринши орын Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Академиясының командасына несип етти.
Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен медаль, диплом және баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
Мақаланың сүўретлери М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген