Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги инспекторлары тәрепинен республикамыздан экспорт етилип атырған аўыл хожалығы өнимлери менен елимизде бар болған карантин организмлери басқа мәмлекетлерге өтип тарқалыўы ямаса сырт еллерден импорт етилип атырған өсимлик өнимлериндеги зыянлы организмлердиң республикамыздың аймағына тарқалып кетиўиниң алдын алыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасында «Даўыт-ата», «Қарақалпақстан», «Хожели», «Найман» ҳәм Нөкис халық аралық аэропорты өсимликлер карантини шегера орынлары бар. Бул шегера орынларында елимизге алып кирилип ҳәм елимизден шыгарылып атырған карантин астындағы өнимлер өсимликлер карантини ҳаққындағы нызамға муўапық қадағалаўдан өткериледи. Мәселен, Өзбекстан Республикасының «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, карантин астындағы өнимди алып кириўге импорт карантин рухсатнамасы, экспорт етиўши мәмлекеттиң өсимликлер карантини ҳәм оларды қорғаў бойынша мәмлекетлик уйымлар тәрепинен берилетуғын фитосанитария сертификаты ямаса гүўалығы болған жағдайда ғана жол қойылады. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасынан алып шығылып атырған карантин астындағы өнимлер өсимликлер карантини қағыйдаларына муўапық болыўы және Өзбекстан Республикасы аймағынан алып шығылыўы қадаған етилген карантин астындағы өнимлердиң дизимине киргизилмеген болыўы керек.
Карантин астындағы өнимниң ҳәр бир топарына белгиленген үлгидеги фитосанитария сертификаты қосымша етилген болыўы тийис.
-Усы жылдың өткен жети айы даўамында республикамыздан сырт еллерге жәми 43 мың тоннаға жақын овощ, палыз, мийўе ҳәм жүзим, пахта талшығы, боян тамыр, түрли нәллер ( мийўели, саяманлы, гүллер, қәлемшелер) ҳәм басқа да карантин астындағы өнимлер Россия, Мъянма, Түркия, Әзербайжан, Италия, Аўғанстан, Қазақстан мәмлекетлерине экспортқа шығарылды,-дейди агентликтиң сыртқы карантин бөлиминиң баслығы Аралбай Сапарниязов.- Сондай-ақ, 36 мың тоннадан зыят азықлық өнимлер, дән ҳәм дән өнимлери, 85585,73 метр куб ағаш ҳәм ағаш өнимлери, 172 дана басқа да карантин астындағы өнимлердиң импорты әмелге асырылды. Соның менен бирге, 120 килограмм қол жүги өнимлери нызам ҳүжжетлери талапларына жуўап бермегенлиги себепли қайтарып жиберилди.
Зыянлы организмлер кирип келиўиниң алдын алыў, елимиздиң фитосанитариялық қәўипсизлигин тәмийинлеў өсимликлер карантини тараўы хызметкерлериниң жуўапкерли ўазыйпасы болып табылады. Бундай хызметлерден тийкарғы мақсети, аўыл хожалығы өнимлерин зыянлы организмлерден қорғаўдан ибарат. Себеби, елимизде жетистирилип атырған аўыл хожалығы өнимлериниң фитосанитария талапларына толық жуўап бериўи республикамыздың экспорт потенциалының буннан былай да раўажланыўына хызмет етиўи менен әҳмийетли.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы