Бәршемизге белгили, соңғы жылларда елимизде руўхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў бағдарында избе-из жумыслар алып барылмақта.
Президентимиздиң 2017-жыл 12-январьдағы сәнесинде “Китап ɵнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында”ғы бийлиги 2021-жыл 26-марттағы “Руйхый-ағартыўшылық жумыслар системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы ҳәм “Мәнаўият ҳәм дɵретиўшиликти қоллап-қуўатлаў мақсетли қорын шɵлкемлестириў ҳаққында”ғы қарарлары бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Қарақалпақ халқы ɵзиниң рәңбәрең кɵркем ɵнери менен мәдениятына, бай әдебияты ҳәм жүз томлық фольклорына ийе. Бул дɵретиўшилик орталық туўысқан ɵзбек халқы менен бирге үнлес түрде раўажланып бармақта. Ɵзбек ҳәм қарақалпақ дɵретиўшилери әзелден әдебий дɵретиўшилик байланыста болып, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда биргеликте қәлем тербетпекте.
Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында халқымызды қуўанышқа бөлеп атырған мәнаўиятымыздың сарқылмас көзлери болған көркем дөретпелер бизди тағыда жаңа ислерге жигерлендиреди.
Пүткил халқымыз мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамын кеңнен белгилеў алдында турған бир пайытта Ɵзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң бул бағдардағы оғада әҳмийетли бийлиги қабыл етилди. Усы бийлик тийкарында 2021-2022-жылларда 16 томнан ибарат “Қарақалпақ әдебиятының дурданалары” шығармалар комплекси ɵзбек тилине аўдарылып, баспадан шығарылады.
Әҳмийетлиси, ҳәр бири томы 1000 нусқада басып шығарылатуғын Қарақалпақ әдебиятының дурданалары Ɵзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Президент, дɵретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлиги, Жаслар ислери агентлиги, Әлийшер Наўайы атындағы Ɵзбекстан Миллий китапханасы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район (қала) мәлимлеме-китапхана орайлары, Жазыўшылар аўқамы сондай-ақ, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайларына бийпул тарқатылады.
Демек, буннан былай китапқумарларымыз қарақалпақ фольклорынан орын алған “Алпамыс”, “Қоблан”, “Едиге”, “Шәрьяр”, “Мәспатша”, “Ершора” ҳәм “Қырыққыз” сыяқлы баҳалы дәстанлар, Халық қосықлары ҳәм ертеклери, XIII-XXI әсирлердеги қарақалпақ прозасы менен поэзиясы, соның ишинде, балалар әдебиятын ҳәм халық жыраўлары менен басқсыларының дɵретпелерин ɵзбек тилинде оқыў бахтына миясар болмақта.
Басылып шығыў алдында турған қарақалпақ әдебиятының дүрданалары туўысқан халықлар, соның ишинде, ɵсип киятырған жас әўлад ўәкиллери ушын шын мәнисиндеги руўхый-булақ ўазыйпасын атқарып, нәўқыран жасларымызды елимизге садық, Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда мәнаўий суўсын болып хызмет ететуғынына гүман жоқ.
Әлбетте, бул туўысқан халықлар арасындағы әзелий мәдений ҳәм әдебий дослықтың әмелдеги және бир кɵрисинен, Ɵзбекстан Ҳүкиметиниң қарақалпақ әдебиятына қаратып атырған үлкен дыққат-итабарынан гүллән халқымыз, соның ишинде кɵп санлы китапқумарлар менен әдебият майданында қәлем тербетип атырған дɵретиўшилердиң, сондай-ақ, кɵп санлы мәнаўиятшылардың миннетдаршылығы шексиз екенин айрықша атап ɵтиў орынлы.
Түби бир түркей тиллес өзбек халқы менен қарақалпақ халқы әзелден бир миллий географиялық аймақта жасап келген, аўызеки ҳәм жазба әдебиятлары ҳәм бир булақтан суўсын алған туўысқан халықлар болып есапланады. И.Юсуповтың:
“Өзбекти өз ағам еткен,
Уллы бахыт инам еткен,
Бир қазанда ас демлеткен,
Туўысқанлық туўысқанлық”, деп жырлаўының өзи тарийхый шынлық. Мине, бүгинги күни бул туўысқанлық тағыда беккемленип атырғанының гүўасы болып отырмыз. Таярланып атырған көп томлықтың әҳмийети оғада жоқары болып, олар Жаңа Ɵзбекстандағы Үшинши Ренессанстың тырнағын қалаўда беккем тийкар болады.
Бул дɵретиўшилик жумыслардың әўладлар бирлигине, татыўлығына, Ўатан сүйиўшилигине, пидайылығына алтын көпир болып хызмет ететуғынына исенемиз.
Т.Атамуратов,
Республикалық Руўхыйлық ҳәм
ағартыўшылық орайы
Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги