«Истиқболли авлод» Республика социаллық-информациялық орайы тәрепинен Нөкис районында өткерилген семинар адам саўдасына байланыслы турмысымызда ушырасып туратуғын айырым машқалалар ҳәм олардың алдын алыў мәселесине бағышланды.

 Германияның «Орайлық Азияда зорлық экстремизминиң алдын алыў» жойбары шеңберинде өткерилген илажда турақлы жумыс орнына ийе емес, социаллық қорғаўға мүтәж, материаллық жақтан қыйналып киятырған инсанларға көрсетилип атырған ҳуқықый, қаржылай ҳәм психологиялық жәрдем ҳаққында сөз етилди. Семинарда  сырт еллерге жумыс ислеўге баратуғын пуқаралардың билиўи тийис болған мағлыўматлар берилди.  Илаж қатнасыўшылары топарларға бөлинген ҳалда адам саўдасының жынаяты, оның алдын алыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

-Инсан күнделикли бос ўақытларынан өнимли пайдаланбастан, бийкарға өткерсе, усындай топарларға қосылып кетиў имканияты жүзеге келеди,-дейди семинар қатнасыўшысы З.Оразалиева.-Бундай машқалалардың келип шығыў себеплери бойынша юрист ҳәм психолог қәнигелердиң баҳалы пикирлери ҳәр биримизде айрықша тәсир қалдырды.

Сондай-ақ, семинарда диний кеңпейиллилик, миллетлераралық татыўлықтың әҳмийетине тоқталып, айырым мәмлекетлерде бул бағдарда жүз берип атырған келиспеўшиликлердиң аянышлы ақыбети презентация арқалы көрсетилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги