Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Янги Ўзбекистон» газетасына берген сәўбетлесиўин жаслар арасында додалаўға бағышланған илаж болып өтти.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесининиң басламасы менен шөлкемлестирилген илажда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң бөлим баслығы, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен юрист Х.Қабулов, республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы жанындағы «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикасындағы ағзасы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Ш.Аяпов шығып сөйлеп, бүгинги күни жәҳән жәмийетшилигинде қызығыўшылық оятып атырған бул сәўбетлесиўдиң мазмун-мәнисине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей,  Президентимиздиң басшылығында соңғы бес жыл даўамында елимизде әмелге асырылған кең көлемли демократиялық өзгерислер  нәтийжесинде «Жаңа Өзбекстан» деген түсиник реал ҳақыйқатқа айланбақта. Елимиздиң басшысы әне усы социаллық-сиясий процесслердиң баслаўшысы ҳәм олардың басында турған реформатор басшы сыпатында халқымыз және дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта. Сәўбетлесиўде атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде пүткил халқымыздың кеўлинен терең орын ийелеген, улыўма миллий ҳәрекетке айланып баратырған «Жаңа Өзбекстан» идеясы тийкарында, мине, усындай уллы ата-бабаларымыз, улыўма алғанда, миллий тарийхымызда Биринши ҳәм Екинши ояныў дәўирлерине тийкар салған улама ата-бабаларымыздың арзыў-умтылыслары менен әрманлары да жәмлескен, десек, алжаспаған боламыз.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги