Ҳәзирги күнде жас әўлад ўәкиллериниң билим алыўы, илим, инновациялар, әдебият, көркем өнер ҳәм спорт тараўындағы қәбилети ҳәм потенциалын жүзеге шығарыўы, олардың жәмийетимиздиң социаллық-сиясий турмысында белсене қатнасыўы ушын барлық шараятларды жаратыўға тийкарғы әҳмийет қаратпақтамыз.

Мәмлекетимиз басшысы «Жаңа Өзбекстан» газетасының бас редакторы менен сәўбетте, мине, усы бағдарға да айрықша тоқтап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2021-жылдың Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы деп аталыўы негизинде халқымыздың турмыс шараятын буннан былай да жақсылаў, жаслардың сапалы билим алыўы ушын имканиятларды кеңейтиў, елимизде жоқары билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў, нәтийжеде, мәмлекетимизде инсан капиталын раўажландырыўға қаратылған жоқары итибардың жәмлескенин ўатанласларымыз терең сезди.

Имам Бухарий бабамыз жыйнаған мүбәрек ҳәдислердиң биринде: «Жаслықта үйренген илим тасқа ойылған нағыс сыяқлы», деп айтылады. Уллы ойшылларымыз, мине, усындай ҳикметлерге әмел етип, илим тараўында уллы ойлап табыўларды әмелге асырғаны ҳәм улыўмаинсаныйлық ой-пикирдиң раўажланыўына шексиз үлес қосқаны тарийхтан жақсы белгили.

Мәмлекетимиз басшысы жаслардың ылайықлы тәлим-тәрбия алыўына, олардың илимге болған қызығыўшылықлары ҳәм умтылысларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге айрықша итибар қаратпақта ҳәм перзентлеримиздиң жоқары мағлыўмат алып, жоқары маман қәниге болып жетилисиўи ушын имканиятлардың көлемин және де кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти. Яғный, мәмлекетимизде жоқары билим ҳәм маманлыққа ийе болған, бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў мақсетинде жоқары оқыў орынларының саны 141 ке жеткерилди, 26 сырт елдиң жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиаллары ашылды. 2016-жылы республикамыздағы жоқары оқыў орынлардың саны 77 еди.

Әлбетте, елимиздиң раўажланыўы ҳәм айдын келешеги жаслардың қандай тәлим-тәрбия алыўына байланыслы. Бүгин жоқары раўажланған мәмлекетлерде реформалардың басы билим алыўдан басланған. Шаққан ҳәм билимли, еркин пикирлейтуғын алдынғы әўладты қәлиплестириў арқалы раўажланыўға ерисиў мүмкин екенлиги басқа да раўажланған мәмлекетлер мысалында да қайта-қайта өз дәлийлин тапқан.

Және бир әҳмийетли тәрепи. Соңғы бес жылда жоқары билимлендириўге қабыллаў квотасы 3 есеге арттырылып, усы жылы 182 мың жаслар ушын студет болыў имканияты жаратылды. Бул – улыўма қамтып алыў көлеми 28 процентке жетти, деген сөз. Өзиңиз салыстырып көриң, 4 жыл бурын бул сан дерлик 9 процентти қурайтуғын еди. Бул бағдарда мәмлекетлик грантлар 21 мыңнан 47 мыңға көбейтилгени, өткен жылы тәжирийбемизди жаңа басқышқа көтерип, мүтәж шаңарақларға тийисли 2 мың қызға усы жылы жоқары оқыў орынларына кириў ушын өз алдына грантлар ажыратылғаны жасларымыздың келешегин тәмийинлеўге қаратылған әмелий итибарымыздың үлгиси болып есапланады, деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Ҳәр бир мәмлекеттиң раўажланыўын, келешегин билимли ҳәм ақыллы адамлар тәмийинлейди. Барлық тараўларда өз алдына үлкен мақсетлер қойған Өзбекстанда билимлендириўдиң сапасына, билимли кадрларды тәрбиялаўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылмақта.

Барлық аймақларда Президент мектеплери ҳәм қәнигелестирилген мектеплер шөлкемлестирилди. Бул жаслардың билим ҳәм потенциалын анықлаў, оларды дурыс бағдарлаў менен бирге халқымыз арасында үлкен умтылыс толқынын да пайда етти.

Жаслар ушын ең заманагөй шараятлар жаратыў мақсетинде Президентимиздиң басламасы менен Жаңа Өзбекстан университетине тийкар салынды.

Бул университет мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси түринде шөлкемлестирилди. Оның тийкарғы ўазыйпалары – абырайлы сырт елли жоқары оқыў орынларының билимлендириў бағдарламалары тийкарында жоқары кәсиплик билим ҳәм маманлықларға ийе болған перспективалы кадрлар таярлаў, студентлердиң интеллектуаллық қәбилетин раўажландырыў, буның ушын ҳәр тәреплеме қолайлы орталықты қәлиплестириў болып есапланады.

Ҳақыйқатында да мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгиленген турмыслық ўазыйпалардың орынланыўын биргеликте орынлаў ҳәр биримиздиң инсаныйлық миннетимиз болып есапланады. Бул реформалар, әлбетте, өз нәтийжесин беретуғынына ҳәм жоқары билимлендириўдиң сапасы жаңа басқышқа көтерилетуғынына исенемиз.

 

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери

комитетиниң ағзасы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги