Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисти Комиссия Баслығы З.Низомхўжаев алып барды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши округлик сайлаў комиссияларының жеке қурамын тастыйықлаў, сиясий партиялардың Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыўына руқсат бериў ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.

– Мәмлекетимизде Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша барлық жумыслар Сайлаў кодексине қатаң әмел етилген ҳалда, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша календарь режесине муўапық әмелге асырылмақта,-деди Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомхўжаев.

Мәмлекетимиздиң сайлаў нызамшылығына муўапық, округлик сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери тәрепинен сайлаў округлери дүзилгенинен соң үш күн ишинде Орайлық сайлаў комиссиясына усыныс етилди. Сайлаў кодексинде округлик сайлаў комиссиясы ағзаларының саны  21 ге шекем болатуғыны белгиленген.

Сайлаў кодексиниң 21-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша округлик сайлаў комиссиясы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўға кеминде жетпис күн қалғанда комиссия баслығы, баслықтың орынбасары, хаткери ҳәм комиссияның сегиз – он сегиз адамға шекемги басқа ағзалардан ибарат қурамда дүзилиўи зәрүр.

Мәжилисте барлық округлик сайлаў комиссияларына усыныс етилген талабанлар үйренип шығылып, тастыйықланды.

Орайлық сайлаў комиссиясы секретариаты баслығы Худоёр Маматовтың атап өтиўинше, ҳәзирги ўақытта 14  сайлаў округиндеги сайлаў комиссиясы арзаларының саны 266 ны, олардан 104 ин ҳаял-қызлар, 14 ин майыплығы бар пуқаралар қурамақта. Қәнигелиги бойынша алғанда, 32 си ҳуқықтаныўшы, 21 и шыпакер, 26 сы инженер, 90 педагог, 41 и экономист, 11 журналист ҳәм 45 и басқа тараў ўәкиллеринен ибарат. Быйылғы Президент сайлаўын өткеретуғын округлик сайлаў комиссияларының қурамында 31 жасқа шекемги 23 қыз-жигит бар. 41 жасқа шекемги нәўқыран әўлад ўәкиллери болса 77 ни қурайды.

Округлик сайлаў комиссияларына – өз аймақларында Сайлаў кодексиниң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў, сайлаў участкаларын дүзиў, олардың тәртип-санын белгилеў ҳәм мәнзилин көрсеткен ҳалда дизимин жәриялаў, участкалық сайлаў комиссияларының жумысын муўапықластырыў, сайлаў участкаларының жайласқан жери ҳаққында сайлаўшыларды хабардар етиў, участкалық сайлаў комиссияларын дүзиў, қурамын тастыйықлаў ҳәм бул ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялаў, талабанларға сайлаў кампаниясында қатнасыў ушын тең шараятларды тәмийинлеў сыяқлы ўазыйпалар жүкленген.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 14, 16, 63-статьяларына муўапық Орайлық сайлаў комиссиясы Өзбекстан Экология партиясы, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал Демократиялық партиясы, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына қатнасыўға руқсат бериўди сорап усынылған ҳүжжетлерин көрип шығып, усы партияларға 2021-жыл 24-октябрь күни болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына қатнасыўы ушын руқсат берди.

Енди сиясий партиялар Орайлық сайлаў комиссиясына Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанды дизимге алыўды өтиниш етип арза менен мүрәжат ете алады.

Онда олар тәрепинен сийсий партия жоқары уйымының Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан көрсетиў ҳаққындағы қарары, сиясий партия жоқары уйымы мәжилисиниң Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан көрсетиў ҳаққындағы, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның фамилиясы, исми, әкесиниң исми, туўылған сәнеси, кәсиби, лаўазымы, жумыс ҳәм жасаў орны, партиялылығы көрсетилген билдириўи, талабанның өз кандидатурасының даўысқа қойылыўына разы екенлиги ҳаққындағы арзасы, талабанды қоллап-қуўатлаўшы қол қойыў бетлери де тапсырылады. Усы қол қойыў бетлеринде Өзбекстан Республикасы жәми сайлаўшылары улыўма санының кеминде бир процентиниң қол таңбасы болыўы керек.

Мәжилисте сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң аккредитациясы ҳаққындағы   қарар жойбары да көрип шығылды.

Орайлық сайлаў комиссиясы ғалаба хабар қураллары  менен өз-ара бирге ислесиў, сайлаў процеси қатнасыўшыларының ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў мәселелерине бәрқулла айрықша итибар қаратып келетуғынын айтыў орынлы. Сайлаўлар дәўиринде журналистлерге өз жумысларын әмелге асырыўы ушын және де қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде оларды аккредитациядан өткериў даўам етпекте.

Ҳәзирги ўақытта Орайлық сайлаў комиссиясына аккредитациядан өткериўди сорап көплеген ғалаба хабар қуралларынан мүрәжатлар келмекте. Усы күнге шекем 700 ден аслам ҒХҚ ўәкиллери аккредитациядан өткерилди.

Мәжилис соңында күн тәртибине киргизилген мәселелер бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарарлары қабыл етилди.

Усы күнниң өзинде бул сиясий партияларға Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыўға руқсат бериў ҳаққында гүўалықлар және белгиленген муғдарда қол қойыў қағазларының бланкалары тапсырылды. Соның менен бирге, аккредитациядан өткен журналистлерге де тийисли тәртиптеги гүўалықлар берилди.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы