Сыртқы ислер министрлигинде 11-август күни «Сырт елдеги Өзбекстан пуқараларының сайлаўда қатнасыўын тәмийинлеў: нормативлик-ҳуқықый тийкарлар, имканиятлар ҳәм  механизмлер» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Видеоконференция түринде шөлкемлестирилген илажда министрлик хызметкерлери, Өзбекстанның сырт  елдеги дипломатиялық ўәкилханалары, Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары, студентлер қатнасты.

Дөгерек сәўбетин сыртқы ислер министриниң орынбасары Ф.Сидиқов ашып, болажақ әҳмийетли сиясий илаж – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, сырт елде жасап атырған мәмлекетимиз пуқараларының бул илажда белсене қатнасыўын тәмийинлеўде дипломатиялық ўәкилханаларымыздың жуўапкершиликли ўазыйпасы болып турғанын атап өтти.

Сайлаўды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, атап айтқанда, сырт елдеги Өзбекстан пуқараларының усы сиясий илажда кеңнен қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, 38 мәмлекеттеги 55 дипломатиялық ўәкилхана және бул мәмлекетлердиң 128 қаласында, сондай-ақ, Өзбекстанның дипломатиялық ўәкилханалары болмаған 11 мәмлекетте улыўма 316 көшпели сайлаў участкалары шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта дипломатиялық ўәкилханалар ҳәм консуллық мәкемелери тәрепинен Өзбекстан Президенти сайлаўын сырт елде жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде жергиликли ҳәкимият, диаспорал шөлкемлер ҳәм өзбекстанлы мийнет мигрантлары ислейтуғын кәрханаларда ушырасыўлар өткерилмекте.

Сырт мәмлекетлер Өзбекстан халқы турмысындағы бул әҳмийетли сиясий илажға мүддетинен бурын даўыс бериў процесин шөлкемлестириў бойынша ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенлигин билдирген.

Дипломатиялық ўәкилханалардың топлаған мағлыўматлары тийкарында сырт елдеги сайлаўшылардың дәслепки дизими қәлиплестирилген. Олар тәрепинен сырт елдеги 151 өзбек диаспорал шөлкемлери менен бирге ислесиў орнатылған.

Илажда Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомхўжаев шығып сөйлеп, жаңа Өзбекстанның раўажланыўы процесинде инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, сиясий-ҳуқықый турмысты ҳәм ғалаба хабар қуралларын еркинлестириў, жәмийетти демократияластырыў сыяқлы мәселелер реформалардың тийкарғы бағдарларына айланғанын атап өтти.

Болажақ сайлаў ашық-айдын, улыўма тән алынған демократиялық принциплер ҳәм нормалар тийкарында өтиўи ушын пуқта таярлық көрилгени, соның ишинде, миллий сайлаў нызамшылығы жетилистирилгени атап өтилди.

Өзбекстан сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерислер, қабыл етилген жаңа Сайлаў кодекси, түрли себеплерге бола сырт елде жасап атырған Өзбекстан пуқараларының сайлаўда қатнасыўына байланыслы тәртип-қағыйдалар ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Сырт елдеги Өзбекстан пуқаралары сайлаў бойынша жетерли мәлимлемеге ийе емес екенлиги, сонлықтан дипломатиялық ўәкилханалар олардың өзиниң конституциялық ҳуқықынан пайдаланып, даўыс бериў процесине белсене қатнасыўын тәмийинлеў ушын зәрүр үгит-нәсиятлаў – түсиник жумысларын жолға қойыў керек екенлиги көрсетип өтилди.

Илаж жуўмағында қатнасыўшылар, мәмлекетимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханаларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

М.ЭЛМУРОДОВ ,

ӨзАның хабаршысы