2021-жыл 12-13-август күнлери Ташкент қаласында Жаслар ҳуқықлары бойынша жәҳән конференциясы болып өтеди. Бул халықаралық әнжуман Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси 46-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған ҳәм халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қоллап-қуўатланған басламасы тийкарында шөлкемлестирилмекте.
Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы баспасөз хызметиниң хабарына бола, жәҳән әнжуманы гибрид түринде, яғный офлайн ҳәм онлайн тәризде өткериледи. Абыройлы форумның ашылыўында БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссары Мишель Бачелет, БМШ Бас хаткериниң Жаслар ислери бойынша елшиси Жаятма Викраманаяке, Парламенлераралық Аўқам Бас хаткери Мартин Чунгонг, ЕҚБШ Бас хаткери Хельга Мария Шмидт ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң басшыларының шығып сөйлеўи күтилмекте.
Жаслар ҳуқықлары бойынша жәҳән конференциясы «Глобал ҳәрекетлерге жасларды тартыў» темасына бағышланады. Онда қатнасыў ушын 30 дан аслам мәмлекетлик ҳәм халықаралық шөлкемлерден 500 ден зыят ўәкил тилек билдирди.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Президенти БМШ Бас ассамблеясының 72-сессиясында алға қойған баслама тийкарында БМШтың Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясын ислеп шығыў процеси избе-из даўам етип атырғанын атап өтиў зәрүр.
Ташкент әнжуманы шеңберинде «COVID-19» пандемиясы жаслардың әззи топарларына тәсир өткерип атырған ҳәзирги шараятта наўқыран әўладтың өз мәмлекетлери раўажланыўындағы қатнасы; жаслардың сапалы билим алыў ҳәм өндиристе бәнт болыўға байланыслы имканиятларын хошаметлеў илажлары; жаслардың өзиниң турмыс тәризине тәсир өткеретуғын қарарларды қабыл етиўде қатнасыўы сыяқлы мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылады.
Қатнасыўшылар жаслардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў ушын бар халықаралық механизмлерди жетилистириў перспективаларын додалайды.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы